Шарўашылықтың сүт жетистириў тармағы жедел раўажландырылады

    14 мамыр 2025 756

    "Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қатнасыўындағы "Өзбекстанның сүт жетистириў тараўында қосымша қун шынжырын раўажландырыў (2-басқыш) " жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-172-санлы, 14.05.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, "Өзбекстанның сүт жетистириў тараўында қосымша қун шынжырын раўажландырыў (2-басқыш) " жойбарының тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди.

    Соннан:

    - Жиззақ, Қашқадәрья, Сырдәрья, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында жәми 320 мәҳәллеге, сүт жетистириўши 12 мың халық ҳәм дийқан хожалығына хызмет көрсетиўши 100 сүт жыйнаў пунктин шөлкемлестириў;

    - 865 халық ҳәм дийқан хожалығына сүтти қайта ислеўши кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм модернизациялаўға 250 мың АҚШ долларына шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратыўды шөлкемлестириў;

    - сүт жетистириўши ҳәм сатып алыўшыларды бирлестиретуғын Миллий сүт өнимлери платформасы программалық тәмийнатын иске қосыў.

    Жойбардың әмелге асыў мүддети 7 жыл (2025-2031-жыллар) етип белгиленген.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates