"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, 13-апрель - екшемби күни Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында түнде ҳәм күнниң биринши ярымында айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Республиканың қалған аймақларында тек ғана кешки ўақытта айырым жерлерде қысқа мүддетли гүлдирмама жаўынлар бақланады. Сурхандәрья ўәлаятында ҳәм Ферғана ойпатлығында жаўын-шашын күтилмейди.
Бул күнлерде көпшилик ўәлаятларда жүдә жыллы ҳаўа-райы сақланып турады, ҳаўа температурасы 27-32 дәреже әтирапында, айырым жерлерде 34 дәрежеге шекем, қублада 36 дәрежеге шекем болады. Тек ғана республиканың арқасында 12-апрельде ҳаўа температурасы 18-23 градусқа шекем төменлейди, бирақ 13-апрельге келип, температура және көтериле баслайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда 11-12-апрель күнлери жаўын-шашын күтилмейди, 13-апрельде айырым жерлерде жаўын жаўады, гүлдирмама бақланады.
Ташкентте тийкарынан жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте, тек ғана 13-апрель күни кешке таман қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самал шығыстан бираздан орташа тезликке шекем еседи. Температура тийкарынан түнде 14-19 градус, күндиз 27-32 градус болады.