"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, тек ғана Ферғана ойпатлығының таўлы аймақларында 11-июль күни кешке таман айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин.

Бүгин күндиз жаз мәўсиминиң ортасы ушын салыстырмалы қолайлы болған ҳаўа температурасы сақланып турады. Республика аймағының үлкен бөлегинде термометр бағанасы 32-35 дәрежеден, қублада 36-39 дәрежеден көтерилмейди. Ең салқын аймақ Ферғана ойпатлығы болып, онда температура 28-31 дәреже әтирапында болыўы күтилмекте.

Дем алыс күнлери температура әсте-ақырын көтериледи ҳәм көпшилик ўәлаятларда күндизги температура 35-38 дәрежени қурайды. Температура тийкарынан түнде 18-23 дәреже болады.

Республиканың айырым орынларында 11-13-июль күнлери самал тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Ташкентте бүгин ҳәм дем алыс күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Температура тийкарынан түнде 20-23 градус, күндиз 11-июльда 33-35 градус, 12-13-июльда 35-38 градус болады.