Күндизги ўақытлары термометр бағаналары +40...+43 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында +44...+45 дәрежеге шекем көтериледи.
Тек ғана республиканың арқа-батыс аймақларында дем алыс күнлери ыссы бираз пәсейиўи күтилмекте. Екшемби күни Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында күндизги температура +35...+38 дәрежени қурайды.
Республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.
Ташкентте: тийкарынан бултсыз ҳаўа-райы бақланады. Ҳаўаның температурасы түнде +24...+27 градус, күндиз +40...+43 градус әтирапында болады.






