Дем алыс күнлери Өзбекстанның барлық аймақларында жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы бақланады, деп хабар бермекте Ўзгидромет.
Жума күни республиканың үлкен бөлиминде қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады, тек ғана Ферғана ойпатында, сондай-ақ, республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.
Ҳаўаның температурасы +29...+32 дәреже әтирапында, қублада ҳәм шөл аймақларында +33...+35 дәрежеге шекем болады.
Шемби ҳәм екшемби күнлери температура көтерилиўи даўам етеди, күндизги ўақытлары +33...+35 дәрежеге шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында +37...+39 дәрежеге шекем жылыйды. Бундай температура май айының басына қарағанда көбирек жаз мәўсими ушын тән.
Самал шығыстан 7−12 м/с тезликте еседи, арқада ҳәм шөл аймақларда айырым жерлерде 13−18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.
Ташкент қаласында 2−4-май күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Жума күндиз температура +29...+31 дәреже, шемби ҳәм екшемби күнлери +32...+35 дәреже болады.