Агентликтиң хабар бериўинше, дем алыс күнлери Өзбекстан бойынша жыллы ҳәм қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады.
Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнлерде 4-9 градус жыллы, күндизги ўақытлары 17-22 градус жыллы, қублада ҳәм шөл аймақларында 25 градусқа шекем жыллы болады. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.
Ташкентте: бүгин ҳәм дем алыс күнлери ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан орташа тезликке шекем еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 7-9 градус жыллы, күндиз 19-22 градус жыллы болады.