8-март күни Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтиледи, тек ғана Ташкент ўәлаяты ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларының айырым жерлеринде бираз жаўын жаўыўы мүмкин.
9-10-март күнлери республиканың барлық аймақларында қурғақ ҳаўа-райы бақланады. Ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары +13...+18 дәрежеге шекем көтериледи.
Республиканың таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) бақланады, 7-8-март күнлери айырым жерлерде күшли болады. Қар көшиў қәўпи бар.
Ташкентте 7-март күни күндиз ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, кешке таман қысқа мүддетке жаўын қарға айланыўы итималы бар. Ҳаўаның температурасы азанда +6...+8 дәреже әтирапында болады, кешке таман +3...+5 дәрежеге шекем төменлейди. Самалдың тезлиги 12-15 метр/секундқа шекем күшейиўи мүмкин.
8-мартта күнниң биринши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы +10...+12 дәреже болады.
9-10-март күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде +3...+6 градус, күндиз +14...+17 градусқа шекем көтериледи.