"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, дем алыс күнлери ыссы әсте-ақырын төменлей баслайды, бирақ бул төменлеў бираз болады. Екшемби күни температура күндиз 38-41 дәреже әтирапында, қублада 42-44 дәрежеге шекем болады.
Өзбекстанда самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем, 5-июльде республика бойынша айырым жерлерде, 6-июльде шөл аймақларында айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтилмекте.
Ташкентте ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Температура тийкарынан 4-5-июльда 40-43 градус, 6-июльда 39-41 градус болады.