баннер
27 Apr 2025
05:10

    Дем алыс күнлери ҳаўа жыллы болады

    "Өзгидромет" агентлиги 21-23-февраль күнлери бақланатуғын ҳаўа-райы мағлыўматларын жәриялады.

    Оған бола, бүгин ҳәм дем алыс күнлери Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде жүдә жыллы ҳаўа-райы сақланып турады, температура түнде 3-8 градус жыллы, күндиз күнлери 15-20 градус жыллы, айырым жерлерде 22 градусқа шекем жыллы болады. Тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында температура төменлей баслайды ҳәм 23-февраль-екшемби күнине келип, түнде 1-6 градус суўыққа шекем, күндиз 3 градус суўық-2 градус жыллыға шекем төменлейди.

    22-февральда қубла аймақларда ҳәм шөл зонасының айырым жерлеринде жаўын жаўады, 23-февральда республиканың көпшилик аймақларында (Ферғана ойпатлығынан тысқары) айырым жерлерде жаўын жаўады, арқада жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

    Ташкентте: 21-23-февраль күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи. Температура тийкарынан түнде 5-8 градус жыллы, күндиз 17-20 градус жыллы болады.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech