Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам экономиканы избе-из раўажландырыўға хызмет етеди

    Президент Шавкат Мирзиёевқа "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди.

    Бул нызам 17 статья ҳәм 10 қосымшадан ибарат болып, онда тийкарғы экономикалық көрсеткишлер өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, 2025-жылы мәмлекетимиз жалпы ишки өними 6 процентке өсиўи күтилмекте.

    Консолидацияласқан бюджет дәраматлары 431 триллион сум муғдарында, қәрежетлери болса 480,5 триллион сум муғдарында режелестирилген ҳалда, жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент муғдарындағы дефицит пенен тастыйықланды.

    Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң балансы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 2 процент муғдарында жетиспеўшилик пенен қәлиплестирилди. Онда мәмлекетлик бюджет дәраматлары 308,5 триллион сум, қәрежетлери болса мәмлекетлик мақсетли қорларға трансфертлерди есапқа алған ҳалда 344,8 триллион сум муғдарында режелестирилди.

    2025-жылы Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң дәраматлары прогнозы 65,8 триллион сум, қәрежетлери прогнозы 84,3 триллион сум муғдарында болыўы есапқа алынған. Сондай-ақ, республика бюджетинен жергиликли бюджетлерге 18,5 триллион сум муғдарында тәртипке салыўшы бюджетлераралық трансфертлер өткерип берилиўи нәзерде тутылған.

    Нызамға бола, быйыл да бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғанлығы сақлап қалынды. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, илим, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, мүтәж халықты турақ жай менен тәмийинлеў сыяқлы илажларға улыўма мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 52 проценти бағдарланады.

    Жергиликли бюджетлердиң дәраматын көбейтиў ҳәм ғәрезсизлигин арттырыў мақсетинде төмендеги салық түрлери қосымша түрде район ҳәм қалалар бюджетлеринде қалдырылады:

    айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң жер ҳәм мүлк салықлары толық түрде (жүдә ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын салықлар буған кирмейди);

    физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы түсимлериниң кеминде 50 проценти (жүдә ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын салықлар буған кирмейди);

    мәмлекетлик мүлкти меншиклестириўден жергиликли бюджетлерге түсетуғын түсимлердиң 50 проценти.

    Сондай-ақ, район ҳәм қалалардың жергиликли кеңеслерине айырым салық түрлери бойынша коэффициент қолланыў ўәкилликлери берилген.

    Улыўма, мәмлекетлик бюджет усы жылы да экономиканы избе-из раўажландырыў, социаллық мәселелерди мәнзилли шешип, халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates