Еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеў ҳәм және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Ушырасыў алдынан Вьетнам делегациясының басшысы Өзбекстан жетекшисине Вьетнам Коммунистлик партиясы Орайлық комитетиниң Бас хаткери, мәмлекет Президенти То Ламның қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Тәреплер Өзбекстан – Вьетнам қатнасықлары жедел раўажланып атырғанынан қанаатланатуғынын атап өтти. Өз-ара товар алмасыў көлеми избе-из артып бармақта, түрли дәрежелерде турақлы байланыслар жолға қойылған.
Нефть-химия, электротехника ҳәм тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.