2025-жыл 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңестиң кеңейтилген мәжилисинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысын жаңаша система тийкарында шөлкемлестириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде "ҳадаллық вакцинасы" принципи тийкарында коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў мақсетинде қарар етемен:
I. Тийкарғы ўазыйпалар.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, устав фондында (устав капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмиетлериндеги (кейинги орынларда - мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
а) коррупция жағдайларын ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў, оларға имканият жарататуғын себеп ҳәм шараятларды сапластырыў;
б) мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде коррупциялық факторларды сапластырыў, турмыслық коррупцияның алдын алыў, соның ишинде, санластырыў, бюрократияны қысқартыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
в) уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў ҳәм жуўмақлары бойынша анықланған коррупция нормальарын бийкарлаў бойынша усыныс киргизиў;
г) мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәплер соқлығысыўына жол қоймаў илажларын көриў, мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша превентив үйрениўлерди әмелге асырыў;
д) коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылған жумыслар бойынша турақлы түрде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине (кейинги орынларда - Агентлик) электрон есабат усынып барыў;
е) тийисли тараў ҳәм тармақта коррупциялық қәўип-қәтерлер дизимин қәлиплестириў, оларды сапластырыўға қаратылған илажларды ислеп шығып, тастыйықланыўын тәмийинлеў;
ж) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм коррупциялық қәўип-қәтерлерди анықлаў имканиятын беретуғын ситуациялық орайлардың жумысын жолға қойыў бойынша усыныслар киргизиў;
з) мийнет жәмәәтинде коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў, мәплер соқлығысыўына жол қоймаў ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў;
и) коррупцияға қарсы гүресиў бойынша унамлы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў ҳәм енгизиў бойынша усыныслар киргизиў.
II. Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасын жетилистириў бойынша илажлар
2. Төмендегилер:
а) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери өз жумысында тиккелей шөлкемниң биринши басшысына, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмиетлеринде болса бақлаў кеңесине (бақлаў кеңеси болмаған жағдайларда кәрхана басшысына) бойсынады ҳәм оған есап береди;
б) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң аймақлық бөлимлери ҳәм структуралық шөлкемлериниң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлери республика дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң биринши басшылары тәрепинен тайынланады және жумысы олар тәрепинен муўапықластырылады;
в) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳаққында Агентликтиң усыныслары олар жумыс алып барып атырған шөлкемлер тәрепинен көрип шығылыўы мәжбүрий есапланады.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, устав фондында (устав капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмиетлеринде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлерин шөлкемлестириўдиң минимал нормалары 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Агентлик Есап палатасы, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги және басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде усы минимал нормаларға тийкарланып коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери шөлкемлестирилиўин мониторинг етип, нәтийжелери бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске мәлимлеме киргизип барсын.
III. Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша ҳуқықый эксперимент
4. 2027-жыл 1-январьға шекем ҳуқықый эксперимент түринде төмендегилерди нәзерде тутатуғын система енгизилсин:
а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, "Өзбекнефтгаз" АЖ ҳәм "Өзсуўтәмийнат" АЖның (кейинги орынларда - эксперимент өткерилетуғын шөлкемлер) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң баслығы лаўазымына Агентлик хызметкерлери тайынланады;
б) эксперимент өткерилетуғын шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары тиккелей Агентликке бойсынады;
в) эксперимент өткерилетуғын шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириў, муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў Агентлик ҳәм эксперимент өткерилетуғын шөлкемлер тәрепинен биргеликте әмелге асырылады.
5. Ҳуқықый эксперимент шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде:
а) эксперимент өткерилетуғын шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери басшыларының штат бирликлери ҳуқықый эксперимент дәўиринде Агентликке өткериледи;
б) усы штат бирликлери ушын Агентликтиң бөлим баслығына белгиленген мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў шәртлери қолланылады. Онда усы лаўазым ушын мийнетке ҳақы төлеў қәрежетлери, сондай-ақ, Агентликте ҳәм эксперимент өткерилетуғын шөлкемлерде усы лаўазым ушын төленетуғын мийнет ҳақы арасындағы айырмашылық:
1) Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрликлеринде жумыс алып баратуғын Агентлик хызметкерлери ушын - Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан;
2) "Өзбекнефтгаз" АЖ ҳәм "Өзсуўтәмийнат" АЖда жумыс алып барып атырған Агентлик хызметкерлери ушын - Агентликтиң бюджеттен тысқары жеке ғазна есап бетине акционерлик жәмиетлери тәрепинен өткерип берилетуғын қаржылар есабынан қапланады.
Агентлик (А. Бурханов) эксперимент өткерилетуғын шөлкемлер менен биргеликте:
а) бир ай мүддетте эксперимент өткерилетуғын шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими хызметкерлериниң жумысының ҳуқықый эксперимент даўамындағы ең әҳмиетли нәтийжелилик көрсеткишлерин (KPI) белгилесин;
б) ҳуқықый эксперименттиң әмелге асырылыўы ҳаққында ҳәр ярым жылда Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске мәлимлеме киргизип барсын;
в) еки ай мүддетте ҳуқықый экспериментти әмелге асырыў процесин тәртипке салыў бойынша биргеликтеги қарар қабыл етсин;
г) ҳуқықый эксперименттиң нәтийжелерин таллаў тийкарында 2027-жыл 1-январьға шекем бул системаны басқа да мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге де енгизиў бойынша тийкарланған усынысларды киргизсин.
IV. Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм олардың жумысының нәтийжелилигин баҳалаў
Агентлик мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң жумысын муўапықластырыў ҳәм методикалық тәмийинлеў, олардың хызметкерлерин стажировка ҳәм аттестациядан өткериў және маманлығын арттырыў бойынша арнаўлы ўәкилликли уйым етип белгиленсин.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң биринши мәрте лаўазымға тайынланған жуўапкер хызметкерлери төмендеги тәртипте еки ҳәптелик стажировкадан өтиўи белгиленсин:
а) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орайлық аппаратындағы коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлери - Агентликте;
б) аймақлық бөлимлер ҳәм структуралық шөлкемлердиң коррупцияға қарсы гүресиўге жуўапкер хызметкерлери - мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орайлық аппаратындағы коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлеринде.
9. Агентлик:
а) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте олардың коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлери ушын ҳәр жылы коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплекс қадағалаў бойынша қысқа мүддетли қәнигелик арттырыў курсларын ҳәм олардың нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәр үш жылда аттестациядан өткерилиўин шөлкемлестирип барсын;
б) үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин:
1) Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери ҳаққындағы үлги режени тастыйықлаў;
2) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм азат етиўди Агентлик пенен келисиў тәртибин белгилеў;
3) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлери жумысының ең әҳмиетли нәтийжелилик көрсеткишлерин (KPI) тастыйықлаў ҳәм баҳалаў тәртибин белгилеў;
4) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, оларды стажировка ҳәм аттестациядан өткериў тәртибин белгилеў;
в) үш ай мүддетте коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң кәсиплик стандартларының ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланыўын тәмийинлесин;
г) 2025-жыл 1-июльға шекем “E-anticor.uz” электрон платформасында коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери басшылары ҳәм хызметкерлериниң электрон реестрин жүргизиў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша исленген жумыслар ҳаққындағы есабатты электрон тәризде усыныў, аноним сораўлар өткерип, нәтийжелерин жәмийетшиликке жәриялаў имканиятын беретуғын электрон модулди иске қоссын;
д) коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлери хызметкерлериниң жумысын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) тийкарында баҳалаў нәтийжелери бойынша ҳәр ярым жылда Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңеске мәлимлеме киргизип барсын.
V. Финанслық ресурслар.
10. “E-anticor.uz” электрон платформасын функционаллық кеңейтиўге қаратылған модулди жаратыўға байланыслы қәрежетлер Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары, халықаралық ҳәм миллий донорлар тәрепинен ажыратылған қаржылар ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
VI. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
11. Агентлик Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардың мақсети, ўазыйпалары, оннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет тармағында кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
12. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
13. Агентлик (А.Бурханов) еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
14. Усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Д.Б.Кадировқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 21-апрель