Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасындағы әзелий дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыў, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық байланысларын раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, парламентлераралық қарым-қатнасты кеңейтиў, мәмлекетлеримиз аймақларының социаллық-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўин күшейтиў, улыўмалық тарийхый мийрас, руўхый қәдирият ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп-сақлаў ҳәм байытыў жолындағы нәтийжели жумысы, халықларымыз арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси ушын Тәжикстан Республикасы Олий Мажлиси Миллий Мәжилисиниң Баслығы, Душанбе қаласының баслығы Рустами Эмомали Өзбекстан Республикасының “Фидокорона хизматлари учун” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев