Мәмлекет басшылары жаңа кооперация жойбарларына старт берди

    Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ири кооперациялық жойбарларды иске қосыў мәресиминде қатнасты.

    Атап айтқанда, Ташкент қаласында "Орайлық Азия" халықаралық санаат кооперациясы орайы ҳәм "Тенге банк"тиң жаңа бас офиси жумысы жолға қойылды.

    Сондай-ақ, «Silkway Central Asia» көп тармақлы логистика орайы, линиялы алкилбензол ислеп шығарыў объектлери, Жаңа Ташкент қаласындағы "Астана" кварталы, пайтахтымыздағы "Ташкент" ҳәм "Астана" мийманхана комплекслери қурылысына старт берилди.

    Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери бул жойбарлар мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыўына қосымша пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates