Реже мәмлекетлик улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде айырым категориядағы оқыўшыларды қосымша билимлендириўге тартыў ҳәм оқытыў қәрежетлериниң 80 процентин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртибин белгилейди.
Айырым категориядағы оқыўшылар Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың улыўма орта билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған перзентлери болып есапланады.
Оқыўшылар дөгереклерге ықтыярлылық тийкарында тартылады.
Оқыўшылардың ата-аналары ҳәм билимлендириў шөлкемлери арасында шәртнамалар дүзиў БИМХП (my.gov.uz) арқалы әмелге асырылады.
Билимлендириў шөлкемлери тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер бойынша 1 оқыўшыға ҳәр бир дөгерек ушын 1 айлық төлем төмендеги муғдарлардан аспайды:
7-11 жастағы оқыўшылар ушын сабақтан кейинги қосымша билимлендириў (узайтылған күн топарлары) ушын БЕМның 1 есесинен;
12-18 жастағы оқыўшылар ушын улыўма билим бериў пәнлери, 15-18 жастағы оқыўшылар ушын шет тили бағдарларындағы дөгереклер ушын БЕМның 2 есесинен;
15-18 жастағы оқыўшылар ушын мәлимлеме технологиялары, кәсип-өнер бағдарларындағы дөгереклер ушын БЕМның 4 есесинен.
Дөгерек төлеминиң 80 проценти Мәмлекетлик бюджеттен, 20 проценти оқыўшының ата-анасы тәрепинен төленеди.