Экономикада мәмлекеттиң үлесин кескин қысқартыў бойынша елимизде үлкен реформалар алып барылмақта. 2019-жылы "Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында"ғы нызам қабыл етилгени оған кеңнен жол ашты.

Бундай шериклик социаллық тараўларда жақсы нәтийжелер бермекте. Мәселен, 1 миллион 200 мың орынлық жеке меншик бақшалар ашылғаны себепли қамтып алыў дәрежеси 77 процентке шықты. Жоқары билимлендириў системасында 57 жойбардың нәтийжесинде 29 мың студент жатақхана менен тәмийинленди. Медицинада отоларингология, диагностика, лаборатория сыяқлы хызметлерде жеке меншик сектордың үлеси бираз жоқары.

Соған қарамастан, бул бағдарда еле имканият та, талап та көп. Презентацияда медицина, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт бағдарларында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти кеңейтиў бойынша усыныслар додаланды.

Азия раўажланыў банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки ҳәм басқа да бирге ислесиўшилер менен биргеликте денсаўлықты сақлаў тараўында улыўма баҳасы 1,2 миллиард долларлық 5, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўында 745 миллион долларлық 6 ҳәм жоқары билимлендириў тараўында 100 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў илажлары белгилеп алынды.

Атап айтқанда, Ташкент, Ферғана, Бухара, Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында көп тармақлы заманагөй клиникалар қурылады. Аймақлардағы орайлық емлеўханаларда медицинаға байланыслы болмаған хызметлер жеке меншик секторға өткериледи.

Мәденият ҳәм спорт тараўларындағы айырым жумысларға жеке меншик секторды тартыў мәселеси де көрип шығылды. Ҳәзирги күнге шекем 43 мәденият орайы жеке меншик секторға берилген болып, және қосымша 127 ин бериў имканияты анықланған.

Усындай бос турған бассейн, спорт залы ҳәм майданларын да жаңалап, саламатландырыў хызметлерин кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буның ушын мәденият ҳәм спорт объектлерин әпиўайыластырылған тәртипте жеке меншик шерикликке бериў усынысы алға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы социаллық тараўдағы министрликлер ҳәм жергиликли ҳәкимликлерге тийисли объектлер кесиминде "жол карталары"н тастыйықлап, орынланыўын тәмийинлеў, жеке меншик шериклик жойбарларын жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.