баннер
2 Mar 2025
12:42

    Мәмлекетимиз басшысы "Лукойл" компаниясы тәрепинен Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жойбарлардың барысы менен танысты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-январь күни "Лукойл" компаниясының тийкарын салыўшысы Вагит Алекперовты қабыллады.

    Ушырасыўда Россияның жетекши нефть-газ компаниясының Өзбекстан энергетика тараўындағы жойбарларын әмелге асырыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды. Геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм перспективалы углеводород кәнлерин өзлестириў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм нефть өнимлерин усақлап сатыў системасын раўажландырыў солардың қатарына киреди.

    Компанияның мәмлекетимиздеги жумысын кеңейтиў режелери бойынша пикир алысылды. Қәнигелерди таярлаў ҳәм жумысқа жайластырыў, социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech