Мәмлекетимиз басшысы марҳум Исмоил Жўрабековтың шаңарағына кеўил айтты

    Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министриниң кеңесгөйи Исмоил Жўрабеков быйыл 28-сентябрь күни қайтыс болған еди.

    Президент Шавкат Мирзиёев бүгин матам тутқан шаңараққа барды. Қуран оқылып, пәтия етилди.

    Мәмлекетимиз басшысы марҳумның ийгиликли ислерин, Ўатанымызға хызметлерин еске алды.

    Исмоил Жўрабеков 1931-жыл 12-сентябрьде Самарқанд қаласында жумысшы шаңарағында туўылған. Мийнет жолы даўамында суў хожалығы тараўында жуўапкер лаўазымларда мийнет етип, республикамызда ирригация ҳәм мелиорация тараўын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосты. 1985-жылы Өзбекстан Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары етип тайынланды.

    Ғәрезсизлик жылларында И.Жўрабеков Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, Мәмлекетлик суў қадағалаўының баслығы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи лаўазымларында да нәтийжели жумыс алып барды.

    Соңғы жыллары И.Жўрабеков үлкен жаста болыўына қарамастан, суў хожалығы министриниң мәсләҳәтшиси сыпатында хызмет етип, Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда белсене қатнасты.

    Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткердиң халқымыз ҳәм Ўатанымыз алдындағы хызметлери мүнәсип баҳаланып, ол "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор" ҳүрметли атағы ҳәм мәмлекетимиздиң бир қатар жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған еди.

    Мәмлекетимиз басшысы марҳумның перзентлери ҳәм жақынларына кеўил айтып, сабыр-тақат тиледи. Олар Президентимизге сапары ҳәм қоллап-қуўатлаў сөзлери ушын миннетдаршылық билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates