Декабрь айында бизди қандай ҳаўа райы күтип атыр?

    29 қараша 2024 1752

    Узгидромет қәнигелери Өзбекстанда усы жыл декабрь айында күтилип атырған ҳаўа-райы мағлыўматларын усынды.

    Айдың биринши он күнлигинде Өзбекстан аймағы бойынша температура тәртиби орташа көп жыллық мәнислерге жақын болады.

    Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнде -3 дәреже суўық - +2 дәреже ыссы, күндизлери +3...+8 дәреже ыссы, айырым жерлерде +10 дәрежеге шекем ыссы, арқада түнде -3...-8 дәреже суўық, күндизлери +2...+7 дәреже жыллы әтирапында болыўы күтилмекте.

    1-декабрьде республика бойынша айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, айырым жерлерде қарға айланыўы мүмкин) болады. 2-декабрьде айырым таўлы аймақларда бираз қар жаўыўы күтилмекте.

    Соңынан дерлик биринши он күнликтиң ақырына шекем (3-8-декабрь) Өзбекстан аймағы бойынша тийкарынан қурғақ ҳаўа-райы бақланады ҳәм тек он күнликтиң ақырында (9-10-декабрь) республика бойынша айырым жерлерде жаўын-шашын болыўы мүмкин.

    Декабр айының екинши ҳәм үшинши он күнлигинде температура түнде 0...-5 градус суўықтан +2...+7 градус ыссыға шекем, күндизлери +3...+8 градус ыссыдан +10...+15 градус ыссыға шекем өзгерип турады, ай ақырында температура түнде -5...-10 градус суўыққа шекем, күндиз 0...-5 градус суўыққа шекем пәсейеди.

    Арқада түнде -8...-13 дәреже суўықтан, айырым жерлерде -15...-17 дәреже суўықтан -3 дәреже суўықтан +2 дәреже ыссыға шекем, күндиз -2 дәреже суўықтан +3 дәреже ыссыдан +3...+8 дәреже ыссыға шекем өзгерип туради.