Мәмлекет аймағының үлкен бөлиминде январь ҳәм февраль айларында ҳаўа температурасы орташа көп жыллық көрсеткишлерге жақын, март-декабрь айларында болса нормадан жоқары болыўы бақланды.

Апрель ҳәм май айлары нормаға салыстырғанда ең жыллы айлар болып, ҳаўа температурасы орташа көп жыллық көрсеткишлерден 2,5−4,5 дәреже жыллы болды.

Улыўма, орташа жыллық температураның нормадан аўысыўы 1−2 дәрежени қурады.

2025-жыл да жүдә қурғақ болды. Аймақлардың көпшилигинде жыллық жаўын-шашын муғдары нормаға салыстырғанда 50−80 процентти қураған. Тек арқа-батыс районлар ҳәм шетки қублада жыллық жаўын-шашын муғдары климат нормаларына жақын болған.

Апрельден ноябрьге шекемги барлық айлар қурғақ ҳәм экстремал қурғақ болды. Өткен жылы декабрь айы ең жаўын-шашынлы ай болды.

2025-жылдың декабрь айында ҳаўа-райы қандай болды?

Синоптиклердиң атап өтиўинше, 2025-жылдың ақырғы айы ыссы болды. Ең ыссысы декабрь айының биринши ярымы ҳәм ай ақырында бир неше күн болып, ҳаўа +13...+18 дәрежеге шекем, айырым аймақларда +19...+24 дәрежеге шекем ысыды.

15-декабрь күни Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массасы кирип келди, температура кескин төменледи. Ең суўық түнлерде температура 0...-5 дәрежеге шекем, арқада −8...−13 дәрежеге шекем, күндиз 0...+2 дәрежеден артпады. Суўық ҳаўа райы мәмлекет бойлап бир ҳәптеге шамалас ўақыт даўам етти.

Декабрь айында орташа айлық ҳаўа температурасы климат көрсеткишлеринен 2−3 дәрежеге жоқары болды.

Декабрь айында Өзбекстан бойынша узақ даўам еткен жаўын-шашын жетиспеўшилиги дәўири үзилди. Бул ай ҳаўа ығаллығының жоқарылығы ҳәм жаўын-шашынның тез-тез болып турыўы менен ажыралып турды.

Орайлық ҳәм қубла ўәлаятлардың бир қатар аймақларында жаўын-шашын градациясы күшли дәрежеге жетти: тегислик бойлап суткасына 15−25 мм, таў алды ҳәм таўларда 30−40 мм ге шекем, айырым жерлерде суткасына 50 мм ге шекем.

Айлық жаўын-шашын муғдары көпшилик ўәлаятларда нормадан 150−300% ти қурады. Тек ғана Хорезм ўәлаятында, Бухара, Наўайы ўәлаятларының үлкен бөлиминде жаўын-шашын аз ҳәм нормаға жақын болды.

Ташкент ўәлаяты, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятларының айырым аймақларында декабрь айы соңғы 25 жылдағы ең жаўын-шашынлы ай болды.

Декабрьде жаўын-шашын ҳәм жаўын, ҳәм қар көринисинде жаўған.

Айдың екинши ярымында қар жаўғаннан кейин тегислик аймақларда қысқа мүддетли қар қатламы пайда болған. Қардың максимал бийиклиги орайлық районларда 13−25 см, арқа ҳәм қубла районларда 1−6 см ге жетти.

Таўларда усы мәўсимде биринши қар қапламы декабрь айының басында пайда болған. Айдың ақырында қардың қалыңлығы 35−85 см ди қурады.

Декабрь айы көшки пайда болыўы менен ажыралып турды. "Қамчиқ" өткелинде ҳәм "Чимён" аймағында бир неше мәрте қар көшкиси бақланды.

Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15−20 м/с қа шекем күшейди, арқа ҳәм шөл аймақларында самалдың тезлиги 22−25 м/с қа жетти.