Делегацияның сапары АҚШ Конгресси китапханасы жанындағы Парламент дипломатиясын раўажландырыўға қәнигелескен "Ашық дүнья" жетекшилик орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген.
Сенаторлар ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары АҚШ Конгрессиниң жумысы, нызам дөретиўшилиги процесслери ҳәм тараўлық сиясат бағдарлары менен танысады.
Сапар АҚШ Конгрессиниң Жеймс Мэдисон атындағы китапханасындағы танысыў ушырасыўы менен басланды. Сондай-ақ, "Ашық дүнья" бағдарламасының мақсет ҳәм ўазыйпаларына бағышланған семинар, "Америка федерализми: АҚШ Конгресси қалай жумыс алып барады" атамасында лекция шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, делегация ағзалары АҚШ Конгресси имаратында болып, конгрессменлер ҳәм сенаторлар, соның ишинде, Орайлық Азия бойынша киши комитети, сондай-ақ, Санлы активлер, финанслық технологиялар ҳәм жасалма интеллект бойынша киши комитети ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.
Сөйлесиўде бүгинги күнде әҳмийетли болған бағдарлар, тараўлардағы бар машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша көзқараслар бойынша пикир алысылды.
Конгресс ағзалары менен ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Сондай-ақ, бюджет, энергетика ҳәм саўда комитетлериниң жумысы, энергетика тараўындағы жаңалықлар, климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм бул бағдарда қабыл етилип атырған нызамлар ҳаққында мағлыўмат берилди.