Илажда министр Азиз Абдуҳакимов басшылығындағы Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги делегациясы қатнаспақта.
Буннан тысқары, форумда БМШ ўәкиллери, дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен басшылар, исбилерменлер, белсендилер, илимпазлар ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери қатнаспақта.
Форумның тийкарғы темасы «Zero Waste Movement: People, Places, Transformation» ("Нол шығындылар ҳәрекети: адамлар, орынлар, өзгерислер") болып есапланады.
Қатнасыўшылар шығындысыз жәмийетке өтиў, соның ишинде, айланба экономиканы раўажландырыўдың әмелий қәдемлери ҳәм стратегияларын додалайды.
Мағлыўмат ушын, «Zero Waste Foundation» фонды 2023-жылы оның ҳүрметли президенти Эмине Эрдоған басшылығында шөлкемлестирилген. Қордың мақсети "Шығындысыз турмыс тәризи" коньцепциясын қабыл ететуғын экологиялық жәмийетти қәлиплестириў ҳәм "Шығындысыз турмыс тәризи" басламасын алға қойыўдан ибарат.
Форум шеңберинде жоқары дәрежедеги ушырасыўлар, көп тәреплеме панель додалаўлары ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў сессиялары өткерилиўи режелестирилген.
Буннан тысқары, "ноль шығынды," климат ҳәм жәмийет, турақлы қалалар, углерод ҳәм суў изин есаплаўға бағышланған илажлар өткериледи.
Форум турақлы раўажланыў ҳәм шығындыларды басқарыў тараўында билим ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли халықаралық майдан болып есапланады.
Оның мақсети глобал көлемде турақлы тутыныў ҳәм өндирис концепциясын алға қойыў, шығындылар көлемин азайтыў ҳәм экологиялық мәдениятты қәлиплестириўден ибарат.








