Сапар шеңберинде Өзбекстан делегациясы Египет Үлкен музейиниң ашылыў мәресиминде қатнасты, онда 120 ға шамалас мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң делегациялары да қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Мәресимде Египет Үлкен музейиниң ашылыўы мәмлекетимиздиң мәдений ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў, оны дүнья жәмийетшилигине таныстырыўда жаңа басқыш екени атап өтилди.
Сондай-ақ, әййемги Египетте дәслепки жазыў пайда болғаны, дүнья жүзи ой-пикир, көркем өнер ҳәм исенимниң таңын көргени, Үлкен Египет музейиниң ашылыўы халықлар арасында тынышлық, татыўлық ҳәм өз-ара ҳүрмет идеяларын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Илаж шеңберинде мәмлекетимиз делегациясының Египет Парламенти Ўәкиллер палатасының спикери Ханафий Али ал-Жабалий менен ушырасыўы болып өтти. Египет парламентиниң Спикери усы жылы 5-9-апрель күнлери Ташкентте болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-ассамблеясында қатнасқанын ҳәм оны Өзбекстан Президенти қабыл еткенин жыллы жүзлилик пенен еследи.
Ханафий Али ал-Жабалий Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды қоллап-қуўатлап, олар парламентлераралық ҳәм халықаралық бирге ислесиў ушын қолайлы шараят жаратып атырғанын атап өтти.
Ушырасыўда тәреплер еки мәмлекет парламентлериниң бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.






