Усындай илажлардан бири Нөкис қалалық медицина бирлеспесинде шөлкемлестирилди.

Илажды бирлеспениң бас шыпакери И.Палўанов кирис сөз бенен ашып, денсаўлықты сақлаў тараўында нызамбузыўшылықларды, әсиресе, коррупциялық ҳәрекетлердиң алдын алыў оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Буннан соң Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша бас қәнигеси Р. Нурымбетов медицина системасындағы бүгинги жағдай бойынша баянат жасады.

― Коррупцияның ҳәр қандай көриниси тараўдың раўажланыўына үлкен тосқынлық болып есапланады. Сол себепли бул иллетке қарсы кескин илажлар көрилип келинбекте. Республикамызда да ҳәзирги ўақытта оған қарсы маўасасыз гүрес алып барылмақта, ―деди баянатшы өз сөзинде. ― Бирақ, тилекке қарсы еле күтилген нәтийжеге ерисилгени жоқ. Айырым емлеў-профилактика мәкемелеринде нызамбузыўшылықлар ушырасып атыр. Хызметкерлердиң ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, системада нызам үстинлигин тәмийинлеў зәрүр. Келешекте бул бағдардағы профилактикалық, үгит-нәсиятлаў жумыслары және де күшейтиледи. Медицинаны коррупциядан жырақ тараўға айландырыўға қаратылған ҳәрекетлер турақлы даўам етеди.Илаж соңында қатнасыўшыларға Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында бул иллетке қарсы көрилип атырған илажларға байланыслы видеофильм көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.