Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратованың сайлаўшылар менен ушырасыўының гезектегиси ең шетки районлардың бири Қоңырат районында шөлкемлестирилди. Халық ўәкили дәслеп райондағы Қаңлы аўыл пуқаралар жыйынында көп жыллардан берли фермерлик пенен шуғылланып киятырған “Адил-К” фермер хожалығында болды.

Депутат соңғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараўлар сыяқлы фермерликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында системалы жумыслардың әмелге асырылып атырғанын атап өтип, фермердиң жумыслары менен қызықты. Фермерге тийисли жердиң улыўма майданы 61 гектар болса, соның 52 гектарына пахта егилген. Хожалық тийкарынан пахташылыққа қәнигелестирилген. Халық ўәкили фермердиң усыныс ҳәм машқалалары, келешектеги режелери менен ортақласты. Депутат усы мәҳәлле жетекшилери менен де сөйлесип, олардың жумысларын үйренди.

Данышпан халқымыз қыйтақ жер – жети ғәзийнениң бири екенин аңлағаны ушын оның ҳәр бир қарыс жеринен утымлы пайдалана алған. Қаңлы аўыл пуқаралар жыйынының географиялық жайласыўы, топырақтың өнимдарлығы, қалаберсе, аймақ турғынларының жердиң тилин түсинип, ҳәр қыйлы егинлерден мол өним алыўдың усылын билиўи жылдың төрт мәўсиминде де дийқаншылық етиўге имканият береди. Әзелден бағманлар ели болған бул аўыл халқы қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып келмекте. Халық ўәкили ушырасыў даўамында усы мәҳәлледе жасаўшы Д.Садиков ҳәм С.Қалбаевалардың шаңарағында болып, олар менен сәўбетлести. Қыйтақ жер ийелери дийқаншылық, шарўашылық, бағшылық пенен көп жыллардан берли шуғылланып киятырған екен. Қыйтақ жер – дәрамат дәреги екенлигин шаңарақ ийелери өзлериниң балаларына, келинлерине ҳәм ақлықларына ата кәсип етип үйретип киятырғанлығын атап өтти.

Халық ўәкилиниң ушырасыўы орынларда даўам етип, депутат Қанлыкөл районындағы ири исбилерменлик субъектинде де болды. Депутат усы райондағы “LAN-G” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен жақыннан танысты. Бул кәрхана 2020-жылдан берли өним ислеп шығарыўды баслаған. Онда боян тамырының ширеси алынып, кептирилип, Япония, Корея, Франция мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Кәрхана технологиялары Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған болып, боян тамыры төрт басқышта қайта исленип, ярым таяр өним ҳалында шығарылмақта. Кәрханада жумысшылар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған, мийнет ҳақылары өз ўақтында төленип, бос ўақытларында спорт пенен шуғылланыўы ушын спорт майданшасы, бильярд залы бар.

Депутат Г.Халмуратова кәрханада алып барылып атырған жумысларды, жумысшылардың боян тамырын кесиў, тазалаў процесслерин көзден өткерип олар менен де сәўбетлести, пикирлерин тыңлады. Сөйлесиў даўамында депутат районның социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўында ири кәрханалардың иске қосылыўы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен депутат Гулжан Халмуратова орынларда усы тараў ўәкиллери менен де ушырасып, Миннетдаршылық хаты ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.