баннер
22 Apr 2025
09:33

    Депутаттың басламасы қоллап-қуўатланбақта

    Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеӊеси баслығы, 7-«Шайханакөпир» сайлаў округинен районлық Кеӊес депутаты Р.Қармысованыӊ басламасы менен аймақ пуқараларына «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен медициналық тексериў шөлкемлестирилди.

    Атап айтқанда, қайырқомлық фондыныӊ медициналық-социаллық жәрдем бригадасы тәрепинен аймақтағы бағыўшысын жоғалтқан кекселер, нураный ата ҳәм апалар, туўыў жасындағы ҳаял-қызлар, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға Бердақ аўыл пукаралар жыйынындағы аўыллық шыпакерлик пунктинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм мүриўбет жәрдемлерин көрсетти.

    Сондай-ақ, бир күн даўамында районлық медицина бирлеспеси шыпакерлериниң қатнасыўында өткерилген тереӊлестирилген медициналық тексериўдиң жуўмағына бола, денсаўлығына байланыслы керекли дәри-дармақлар, көз әйнеклер ҳәм санитария-гигиена қураллары тарқатылды.

    -Буннан тысқары 12 жас өспирим, 3 майыплылығы бар жасларға кийим кеншеклер ҳәм басқада саўғалар тапсырылды,-дейди депутат Райхан Қармысова.-Сондай-ақ, 2006-жылы туўылған баланың аўҳалынан хабар алынып, байрам саўғалары тапсырылды.

    Бундай қайырқомлық ислер партия тәрепинен даўам етпекте.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech