Семинарға елимизге белгили илимпазлар, бағманлар ҳәм фермер хожалықлары басшылары қатнасты.
Оқыў-семинары даўамында Ташкент ирригация институты доценти, техника илимлериниң кандидаты А.Каримов, Топырақтаныў ҳәм агрохимия илимий изертлеў институтының лаборатория баслығы, профессор Р.Курбантаев ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы, география илимлериниң кандидаты О.Султашовалар «Суўғарылатуғын жерлердиң агрофизикалық өзгешеликлериниң жағдайы», «Шорланған топырақлардың биологиялық активлиги ҳәм топырақлардың өнимдарлығын арттырыўдағы әҳмийети» темасындағы баянатлары менен қатнасып, илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берилди.
-Бүгинги илажда жерлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша қәнигелерден баҳалы мәсләҳәтлер алып, өзлеримизди қызықтырып жүрген мәселелер бойынша кең түсиниклер алдық,-дейди Қызылөзек аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Кәримбай Пиржанов.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.