баннер
27 Mar 2025
15:11

    «Дийқаншылық бәри бес, шарўашылық оған ес»

    Мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм фермерликти раўажландырыў бойынша алып барылып атырған илажлардың нәтийжесин орынларда ерисилип атырған табысларда көриўимизге болады. Беруний районында да бул бағдарда, жақсы нәтийжелер көзди қуўандырады.

    Райондағы Қызыл қала аўыл пуқаралар жыйынында 1024 шаңарақ болып, аймақта жасаўшылар тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. 2022-2024-жыллар даўамында халыққа жәми 143 гектар ижараға берилген жер майданларынан өнимли пайдаланып, дәрамат алып келмекте. «E-auksion» электрон таңлаўы арқалы дийқан хожалығын жүргизиў ушын пуқараларға ажыратылған жер майданларында «Бир контур-бир өним» принципи тийкарында қаўын жетистириў жақсы жолға қойылған. Атап айтқанда, Мансур Худайбергенов аймақтағы дийқан хожалықлардағы 10 гектар жер майданларында жетистирилген қаўынларды май айына шекем сақлап, республикамыздың түрли орынларына жеткерип береди. Ҳәзирги ўақытта қаўын сақлайтуғын қоймаханасында 20 мыңнан аслам қаўын сақланып келинбекте.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Киши бизнести раўажландырыўды қаржылай институционал қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында» ғы қарарына тийкарланып, исбилерменге түйешиликти раўажландырыў, халыққа сүт ҳәм гөш өнимлерин жеткерип бериў ушын 80 млн сум муғдарындағы кредит қаржылары ажыратылған болып, ҳәзирги ўақытта аўылда түйешилик кең раўажланбақта. Тийкарынан исбилермен түйе бағыў арқалы айына 3 млн сумнан аслам дәрамат таппақта.

    Сондай-ақ, Сайхунабад ҳәм Үйши тәжирийбеси тийкарында аўыл пуқаралар жыйыны аймағында алып барылып атырған жумыслар нәтийжесинде халықтың жасаў шәраяты жақсыланып, дәраматы артпақта. Атап айтқанда аймақ турғыны Севара Буважанова өз шаңарағында 200 ден аслам түйе ҳәм шайтан таўықларды бағып келмекте. Шаңарақта күнине 120 данадан аслам мәйек жетистирилип, халықтың мәйек өнимине болған талабын қанаатландырып келмекте. Шаңараққа орташа есапта айына 3 млн сум сап пайда дәрамат киргизилмекте.

    -Мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм фермерлик пенен шуғылланыў ушын барлық имканиятлар жаратылып, көплеген жеңилликлер берилмекте. Тек ғана истиң көзин билип, мийнет етиў керек. Мийнет етсең, шаңарағыңды да бағасаң, халыққа да хызмет етесең,-дейди С.Буважанова.

    Әлбетте, халқымыздың «Дийқаншылық бәри бес, шарўашылық оған ес», дегениндей, әзелден мал шарўашылығы ҳәм дийқаншылықты қоса алып барып, күнелтип келген халқымыздың бүгинги аяқ алысы да усы тараўларда жақсы нәтийжелер менен көзге тасланғаны молшылықтан дерек береди.

    Г.Турдышова,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech