Илаж Washington
Hilton
мийманханасында болып өткен ҳәм қатнасыўшылар бир неше оқ даўысын еситкеннен
кейин тоқтатылған. Сахнаға Жасырын хызметтиң қураллы агентлери жедел түрде
шықты. Олар президенттиң қәўипсизлигин тәмийинлеп, оны залдан алып шықты, деп
жазбақта РИА Новости.
Америка ғалаба хабар қуралларының мағлыўматларына қарағанда,
гүзетиў аймағынан өтиўге урынған қураллы шахсты қорғаўшылар сапластырған. Атап
өтилиўинше, гүманланыўшы арнаўлы хызмет хызметкерине қарата оқ атқан, бирақ
қорғаныў қураллары себепли ол жарақатланбаған.
АҚШтың жасырын хызмети ўақыя тийкарғы қәўипсизлик пункти
жанында жүз бергенин тастыйықлады. Бир адам усланды.
Кейин ала Дональд Трамп жағдай қадағалаўға алынғаны ҳәм енди
қәўип жоқ екенин мәлим етти. CNN
телеканалының хабар бериўинше, президент ҳәм оның администрациясы ағзалары жарақатланбаған.
Илаж мүддетинен алдын жуўмақланып, кейинги сәнеге көширилди.
Мәмлекет басшысы жақын күнлерде қосымша баянат бериўи күтилмекте.