"Дубайдағы мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордағы барлық төлемлердиң 90 проценти 2026-жылдың ақырына шекем нақ пулсыз әмелге асырылады", деп хабар берди Дубай ҳүкимети баспасөз хызмети.
Нақ пулсыз төлемлерге өтиў стратегиясы биринши мәрте 2024-жылы жәрияланған еди. Оның мақсети банкнотлар ҳәм теңгелерди жоқ етиў ҳәм Дубайды нақ пулсыз қалаға айландырыў бойынша үлкен режени әмелге асырыў болып табылады.
Бул режени әмелге асырыў қураллары банк ҳәм басқа да қосымшалар, карталар ҳәм келешекте санлы төлемлерде жасалма интеллектке тийкарланған инновацияларды өз ишине алады. Әмирлик рәсмийлери Дубайдың финанслық инновациялар бойынша дүнья орайы ҳәм санлы экономикада дүнья жетекшиси сыпатындағы абырайын беккемлеўди режелестирген, деп хабар берди oz.inform.kz.