Илажда "Өзсанаатқурылысматериаллары" ассоциациясы басқарма баслығы Бахтиёр Бобокулов, Өзбекстан елшиханасы дипломатлары, еки мәмлекет исбилерменлери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты. Қатнасыўшылар саўда орайында жаратылған шараятлар, өнимлер көргизбеси ҳәм баҳалары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, илаж даўамында еки мәмлекет исбилерменлери арасында B2B ушырасыўлары болып өтти.
Атап өтилиўинше, өткен бир жыл даўамында Тәжикстанға 115 миллион долларлық қурылыс материаллары экспорт етилген. Олардың арасында 34 миллион долларлық металл өнимлери, 13 миллион долларлық қурғақ қурылыс араласпалары ҳәм цемент буйымлары, 12 миллион долларлық керамика буйымлары, 23 миллион долларлық трубалар ҳәм пластмасса өнимлери, 11 миллион долларлық ДСП ҳәм МДФ плиталары, 7 миллион долларлық шийше ҳәм шийше буйымлары бар.
Тәжикстан Өзбекстан қурылыс материаллары экспортында жоқары үлеске ийе мәмлекетлер дизиминде екинши орынды ийелеп, мәмлекетимиздиң бул тараўдағы исенимли шериклеринен бири есапланады. Соның менен бир қатарда "Made in Uzbekistan" бренди астындағы қурылыс өнимлерине болған талап Тәжикстан базарында жылдан-жылға артып бармақта.
Ҳәзирги ўақытта Тәжикстанға газобетон блоклары, ыссылық сақлаў плиталары, тәбийий таслар ҳәм обой қағазлардың экспортын буннан былай да арттырыў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.
Еслетип өтемиз, ҳәзирге шекем "Өзсанаатқурылысматериаллары" ассоциациясы тәрепинен ашылған Өзбекстан саўда үйлери Әзербайжан пайтахты Баку ҳәм Аўғанстан пайтахты Қабул қалаларында жумыс алып бармақта.