Таңлаўға республикамыздың барлық аймақларынан ең күшли мектеплердиң дөретиўшилик жәмәәтлери қатнасып, өзлериниң шеберликлерин көрсетти.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, биринши орынды Кегейли районындағы 55-санлы мектептиң «Таң нуры» топары жеңип шығыўға миясар болып, таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышына жоллама алды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Беруний районындағы 25-санлы мектептиң «Түркистан» ҳәм Хожели районындағы 35-санлы мектептиң «Алғыс» топарлары жеңип алыўға еристи.

Өткерилген таңлаў жуўмағында жеңимпаз топарлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.