Айтайық, биреўи рекорд дәрежедеги ыссы ҳаққында оқып, ийнин қысып қояды ҳәм өз жумысы менен шуғылланыўына даўам етеди. Басқасы болса бул жағдай жигирма жылдан кейин балалары ҳәм өзи жасап атырған орынға қандай тәсир ететуғыны ҳаққында ойлайды.
Үшиншиси пүткил кешке шекем қыялында мақалаға қайтады ҳәм мийинде ең қараңғы сценарийлерди айландырып шығады.
Илимпазлар экологиялық тәшўиш ҳақыйқатында да ҳәммеде бирдей сезим пайда етпейтуғынын анықлады. Түркиялы изертлеўшилер 18 жастан 67 жасқа шекемги 1650 адамның психологиялық өзгешеликлерин үйренип, климат өзгериўинен қәўетерленип атырған адамлардың бес түрли профилин анықлады. Нәтийжелер “Current Psychology” журналында басып шығарылған.
Ең көп санлы топар изертлеўшилер экологиялық жақтан қәўетерде деп баҳаланған адамлар топары еди. Ол қатнасыўшылардың 34,3 процентин қурады. Олар ҳақыйқаттан да қоршаған орталықтың жағдайынан қәўетерленген болса да, бул ҳәдден тысқары көринбеген, яғный бул күнделикли турмысын қамтып алмаған.
Және 29,5% қатнасыўшылар турақлы түрде экологиялық машқалаларға қыялында қайтқан. Олар болып атырған ўақыя ҳаққында көп ойланар, оған байланыслы қәўетерлерди еслер еди ҳәм бул теманы шетке шығарыў қыйын еди.
Қатнасыўшылардың 17,3 проценти экологиялық қәўетерге ең шыдамлы екенлиги анықланды. Олар басқаларға қарағанда кемирек қайғыратуғын еди.
Ақырғы еки топар жоқары дәрежедеги қәўетерлениў менен ажыралып турды. Қатнасыўшылардың 8,2 процентинде күшли эмоционал кеширмелер үстинлик еткен, 10,8 проценти болса бир ўақыттың өзинде оның түрли көринислери көзге тасланатуғын жоқары дәрежедеги экологиялық қәўетер топарына кирген.
Гәп климатта емес...
Усы мағлыўматларға қарап, изертлеўшилер ең күшли қәўетерге ийе адамларды басқалардан не ажыратып туратуғынын түсиниўге ҳәрекет етти. Бир қарағанда, жуўап анық көринеди: итимал, бундай адамлар келешекке жүдә түскин қарайды. Бирақ ҳәммеси қызығырақ болып шықты.
Бул жерде еки қәсийет жүдә әҳмийетли. Бириншиден, гәп өз сезимлерин басқарыўдағы қыйыншылықлар ҳаққында бармақта. Екиншиден, айырым адамлар анықсызлықты жақтырмайды. Олар не болатуғынын ҳәм не менен тамамланатуғынын алдын ала билиўге болмайтуғын жағдайларды аўыр басынан кешириўге бейимлеседи.
Климат темасы ушын бул айрықша әҳмийетли. Климат өзгериўи ҳаққындағы мақалады оқып ямаса видеоны тамашалап, "ҳәммеси жақсы болады" ямаса "мине ҳәмме нәрсе өзгеретуғын анық сәне" сыяқлы әпиўайы жуўап алыў дерлик мүмкин емес. Ақыбетлер көплеген факторларға байланыслы болып, болжаўлар бир неше итималлы сценарийлерди сыпатлайды.
Машқала сонда, илимий болжаўлар кемнен-кем жағдайларда адамға ол излеп атырған анықлықты береди. Илимпазлар әдетте итималлықлар, диапазонлар ҳәм бир неше итималлық сценарийлер ҳаққында сөз етеди. Илим ушын бул сақлық белгиси, қәўетерленген адам ушын болса өзине сораў бериў ушын және бир себеп: "Хош, не болады?"
Мийиңиз темадан босамай атырғанда
Еки адам климат өзгериўине бирдей қатаң мүнәсибетте болыўы ҳәм оны үлкен машқала деп есаплаўы мүмкин. Бирақ биреўи өзине: "Аўа, жағдай қыйын, не ислеў мүмкинлигин көремиз" деп айтыўы мүмкин, басқасы болса: "Ҳәмме жағдай буннан да жаманласып кетсе не болады?" деген сораўға қайта-қайта қайтады.
Әне усындай турақлы қыяллар әпиўайы тынышсызлықты күнделикли турмысқа кесент беретуғын жағдайға айландырады.
Изертлеўдиң ең күтилмеген нәтийжеси сонда болды, белгисиз келешек ҳаққындағы улыўма көз-қарас өз-өзинен ең қәўетерли адамларды басқалардан ажыратып қоймады. Яғный, гәп инсанның келешекти қорқынышлы деп есаплаўында емес, ал оның руўхыйлығы қәўетерли пикирлерге қандай мүнәсибетте болыўында.
Еки адам бирдей болжаўды оқыўы ҳәм екеўи де жағдайды қатаң деп есаплаўы мүмкин. Бирақ биреўи мақалады жаўып, өмирин даўам етеди, ал екиншиси оны қыялында және жигирма мәртебе оқып шығады.
Жуўмақ
Изертлеў авторлары қоршаған орталық ҳаққындағы ҳәр қандай қәўетерлениўди психологиялық машқала деп есаплаўды усыныс етпейди. Қатнасыўшылардың көпшилиги орташа топарларда болып, ең аўыр экологиялық қәўетер таңланбаның киши бөлегинде топланған. Орташа қәўетерлениў ҳақықый машқалаға нормал реакция болыўы мүмкин. Ол инсанды ресурсларды үнемлеў, болып атырған ўақыяларға қызығыў, әдетлерин өзгертиў ямаса экологиялық басламаларды қоллап-қуўатлаўға ийтермелеўи мүмкин. Машқала қәўетер сигнал болыўды тоқтатып, турақлы фонга айланган жерде басланады.
Мүмкин, сораў тек ғана биз климаттың өзгериўинен қәўетерленип атырғанымыз емес, ал биз жаңалықты жаўғанымыздан кейин бул қәўетер менен не жүз бериўинде. Кимдур лампочкаларды үнемлеўши лампочкаларға алмастырыўға баратыр. Кимдур досларына силтемелерди жибереди: "Және не болып атырғанын көрдиңиз бе?" Кимдур болса және бир неше күн даўамында қорқынышлы пост-апокалиптиклик сценарийлерди мийинде айландырып, өзин ҳәм шаңарағын жигирма жылдан кейин көз алдына келтиреди, деп жазады vokrugsveta.ru.