Сенаторлар "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог" ҳүрметли атағын енгизиў ҳаққында"ғы нызамды додалады.
Бул ҳүрметли атақ мәмлекетимизде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын раўажландырыў, тәбиятты қәстерлеп сақлаў, биоҳәртүрлиликти сақлаў, ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерискен пуқараларға берилиўи мақсет етилген.
Сондай-ақ, бул атақ экологиялық жақтан таза ҳәм инновациялық технологияларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, жас әўладты тәбиятты ҳүрмет руўхында тәрбиялаў және системада жоқары маман кадрларды таярлаў бағдарында пидайы мийнет ислеп атырған қәниге-хызметкерлер ҳәм тараў ўәкиллери, экобелсендилерге берилиўи нәзерде тутылған. Буннан тысқары, мәжилисте "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўында төлем тәртибин беккемлеўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам да додаланды.
Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Пуқаралық ҳәм Турақ жай кодекслерине, "Бәсеки ҳаққында"ғы ҳәм "Электр энергетикаси ҳаққында"ғы нызамларға қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлығы болған тутыныўшылар қысқа хабар (СМС) арқалы хабардар етилгеннен кейин усы қарыздарлық сапластырылғанша олардан электр энергиясы ушын төлемлерди қабыл етиўди ўақтынша шеклеўге қаратылған ҳуқықый нормалар белгиленетуғынын нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Нызамда қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиўши шөлкемлер қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын төлемлердиң есап-санақларының исенимлилиги ҳәм дурыслығы ушын жуўапкер болыўы белгиленбекте.
Турақ жай кодексине киргизилип атырған қосымша ҳәм өзгериске бола, енди мәжбүрий төлемлер үш айдан аслам төленбеген жағдайда мәмлекетлик ҳәм жеке меншик турақ жай фондларындағы орынлардың мүлк ийелери, ижараға алыўшыларына қатты ҳәм суйық турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў де тоқтатып турылмайды.
Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик турақ жай фондларындағы орынлардың мүлк ийелери, ижараға алыўшыларына коммуналлық хызметлер көрсетиў мәжбүрий төлемлер үш айдан аслам төленбеген жағдайда тоқтатып турылыўынан қатты ҳәм суйық турмыслық шығындыларды топлаў және алып шығыў хызметлери буған кирмейтуғыны нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Комитет тәрепинен халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссиялары ағзалары ушын оқыў семинары өткерилди.
Семинарда турақлы комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, олардың тийкарғы бағдарлары бойынша анық режелерди белгилеў, ўәкилликлери шеңберинде әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў бойынша тәжирийбе алмасылды.
Атап өтилгениндей, Комитет тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссиялары ағзаларының тараў бойынша нызамшылықтағы жаңалықлар, өзгерислер бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў, тараўға байланыслы нызамларды көрип шығыўда олардың пикирин алыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.
Сондай-ақ, аўыл хожалығын реформалаў ҳәм раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм оларды өз ўақтында шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Семинарда турақлы комиссия ағзалары додаланған мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Мәжилис жуўмағында Комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









