Сырдәрья ўәлаяты Боёвут районындағы 19-мектептиң директоры Муҳтарам Ҳасанова узақ жыллық жумыс тәжирийбесине ийе ҳүрметли муғаллимлердиң бири. Ол өзиниң ис-ҳәрекетлери менен халықаралық жойбар грантын жеңип алып, билимлендириў мәкемесин заманагөй ҳәм экологиялық таза ыссылық насосы тийкарында ысытыў системасына өткерди. Ҳәзирги ўақытта елимизде бирден-бир болған бул технология толық қуўатлылықта ислеп, мектепти экологиялық таза ыссылық дереги менен тәмийинлемекте.
Еки жылдан берли билимлендириў мәкемесинде қысқы мәўсимди ысытыў менен байланыслы машқалалар сапластырылып, экология ушын зыянлы болған көмир ҳәм басқа да жанылғылардан пайдаланыўға зәрүрлик қалмады. Ең төмен ҳаўа температурасында да мектеп имаратының ҳәр бир мүйеши жетерли дәрежеде ысытылып атыр. Класс ханаларынан баслап, спорт залы, ҳәттеки коридорларда да бирдей температура тәмийинленген. Әҳмийетлиси, ыссылық насосы ислеген ўақытта мектепти бурынғыдай көмир ийиси шықпайды, ең алдыңғы технологияға тийкарланған қурылма имаратты "жасыл" ыссылық пенен тәмийинлейди.
Усы жылы 27-январь күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" мәмлекетлик бағдарламасы жойбары бойынша өткерилген мәжилисте Боёвут районындағы 19-мектептиң тәжирийбеси ҳаққында сөз етилип, оны елимиздеги басқа да бақша, мектеп ҳәм емлеўханаларда енгизиўди ғалаба ен жайдырыў тапсырмасы берилди. Мектеп директорының басламасын тән алған Президентимиз "Мысал ушын, Боёвут районындағы 19-мектептиң директоры Муҳтарам Ҳасанова өзи БМШ жәрдеминде 200 мың доллар грант жеңип алып, мектепти ыссылық насосы тийкарында ысытыў системасына өткерди. Бул пүткиллей жаңа технология. Мектепте қуяш панелин орнатыў ушын және 140 мың долларлық грант алып келмекте. Бул арқалы мектепти жақтыландырыў да, ыссылық тәмийнаты да толық альтернатив энергия тийкарында болады. Мине, пидайылық", деп атап өтти.
Бир неше жыллық ҳәрекет нәтийже берди
Боёвут районындағы мектеп директорының жумысы шынында да үлкен баслама. Ири халықаралық жойбар грантын жеңип алып, мектеп имаратын толық заманагөй ҳәм экологиялық таза ысытыў системасына өткериў оғада көп ҳәрекет талап етеди.
Басқа тәрептен, экологиялық таза ыссылық дерегин жеткерип бериўши бул технология (Chiller) елимиз әмелиятында жаңалық ҳәм ҳәзирше тек усы 19-мектепте бар. Директор менен телефон арқалы сөйлескенимде халықаралық грант жеңиў аңсат болмағанын, заманагөй технология 7-8 жыллық ҳәрекетлердиң жемиси екенин айтты.
- Бул процесс буннан 7 жыл алдын басланған еди, - дейди Боёвут районындағы 19-мектептиң директоры Муҳтарам Ҳасанова. - Интернет тармағы арқалы БМШның Глобал экологиялық қорының бир қатар жойбарлары менен танысып, олардың арасынан өзимизге сәйкесин излей басладық. Бул жойбарлардың көпшилиги қоршаған орталықты патасландырмайтуғын технологияларды қолланыўға қаратылғаны бизге мақул келди. Тийисли мәнзилге қайта-қайта электрон хат жиберип, олардың сораўларына жуўап бердик, қойылған талапларды орынладық. Бирақ жыллар даўамында олар да, биз де өзимизге сәйкес технологияны табыўда қыйыншылық көрдик. Ақырында, 120 күнлик қыс тарийхын таярладық. Яғный, 120 күн даўамында аймағымыздағы ҳаўа температурасын өлшеп, мектепти ысытыў ушын қанша көмирдиң жумсалыўы, оның қаншасы жарамсыз болыўы бойынша үйрениўлеримизди усыныс еттик. Онда класс бөлмелериндеги ҳаўа температурасы көби менен 15 дәрежеге жететуғынын да көрсеттик. Улыўма, мақсетимизге жетпегенше тоқтамадық, еринбедик, тынымсыз хат жазып турдық. Ақырында, халықаралық қор бизге Қытайдың инновациялық ысытыў системасын усыныс етти. Ол 1 киловатт электр энергиясын алып, өзинде суўды ысытыў есабынан 4 киловатт электр энергиясы дәрежесине жеткерип беретуғын "ақыллы" ыссылық насосы еди. Грантты қолға киргизгенимизден кейин 2023-жылы мектеп имаратына заманагөй ысытыў системасы орнатылды. Сол жылдың қыс мәўсиминде-ақ жаңа технологияның нәтийжеси сезилди. Мектеп имаратында ыссылық толық тәмийинленди. Класс ханаларындағы жоқары температура 20-22, ең төмен көрсеткиш 18 дәрежеге жетти.
Жыллылық насосының экологиялық таза технология деп аталыўының себеби, қурылма әдеттеги ысытыў системалары сыяқлы газ ямаса басқа да жанылғылар есабынан ислемейди, суў ҳәм электр тогы тийкарында ыссылық жеткерип береди. Пайдаланыў ўақтында қоршаған орталыққа ҳеш қандай унамсыз тәсир жоқ. Өзинен зыянлы газ шығармайды. "Ақыллы" технология басқа да көплеген функциялар менен байытылған. Қурылма қоршаған ҳаўа температурасын турақлы өлшеп турады ҳәм имарат ишиндеги ыссылықты соған сәйкеслеп автомат түрде тәмийинлейди. Мысалы, сыртта ҳаўа температурасы төменлеген сайын көбирек жыллылық береди, температура көтерилгенде керисинше, жыллылықты кемейтеди. Усы жағынан үнемлеўшилиги де жоқары. Қалаберсе, технология керекли функциялар арқалы толтырылған суў көлеми, жыллылық дәрежеси ҳәм басқаларды көрсетип туради. Қулласы, пайдаланыўшыны артықша қыйнамайды.
Тийкарғысы, мектеп имараты ыссы, балалардың биймәлел тәлим-тәрбия алыўы ушын және бир қолайлы шараят жаратылды. Бурын мектеп имараты жергиликли ысытыў системасына жалғанған ҳәм температура жетерли дәрежеде тәмийинленбеген еди. Қатты суўық болған ўақытларда оқыўшылардың қалың кийимлерде отырыўына туўра келген. Әсиресе, көмирдиң мурынды ашытыўшы ийисине шыдаўға мәжбүр болдық. Ҳәзирги заманагөй ыссылық насосының болса бар-жоқлығы да сезилмейди, бирақ имарат бәрқулла бирдей ыссылыққа ийе. Енди суўық мәўсимде ысытыў машқаласы бул мектеп жәмәәтин қыйнаа атырған жоқ.
Билимлендириў тараўында узақ жыллардан берли жумыс ислеп киятырған мектеп директоры - "Меҳнат шуҳрати" ҳәм "Эл-юрт ҳурмати" орденлериниң ийеси Муҳтарам Ҳасанованың мақсети де усы еди. Мектепте оқытыўдың сапасын арттырыў менен бирге, оқыўшылардың қолайлы, ыссы, барлық шараятларға ийе бөлмелерде оқыўы ушын умтылып атырған педагог пенен сөйлесип, мәмлекетимиз басшысының "Мине, пидайылық..." деген сөзлери әйне таўып айтылғанына исеним пайда еттик. Муҳтарам апаның жыллар даўамындағы жумысы ҳәм оның көкирегине тағылған орденлер де мине усы пидайылықтың тымсалы, негизинде.
- Мектеп - билимлендириў-тәрбия орны. Бул орайда ҳәр бир ул-қыз толық билим алыўы ушын билимлендириў мазмуны бай болыўы менен бирге, оқыўшы ҳәм муғаллимлерге қолайлы шараят керек. Қолайлы шараят болса, биринши гезекте, жақты, қолайлы ҳәм қыста ыссы класс бөлмелери болып табылады. Оқыўшылар ыссы ханаларда оқыўы керек. Сонда билимди және де жақсы өзлестиреди. Сырттағы суўықтан келип, және суўық ханаға кирип атырған баланың ойы сабақта болыўы қыйын. Буны көп жыллық тәжирийбемнен келип шығып айтып атырман. Тилекке қарсы, бул мәселе тийкарғы машқалаларымыздан бири болып келген, - дейди директор. - Билимлендириў мәкемемизде 425 оқыўшы билим алады. Халықаралық грантты жеңип алып, мектебимизге заманагөй ыссылық насосы орнатылғаннан соң, оқыўшылардың билиминде де сезилерли өзгерислер бақлана баслады. 2024/2025-оқыў жылында ул-қызларымыз ҳәр қыйлы пән олимпиадаларында белсене қатнасты. 21 оқыўшымыз ана тили бойынша миллий сертификат алған болса, көпшилиги шет тилин билиў дәрежеси бойынша сертификат алыўға таярлық көрмекте. Быйылғы 38 питкериўшимиздиң ярымынан көби әллеқашан жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў жолламаларына ийе.
Аўысқан электр тогынан басқа мектеплер де пайдаланады
Боёвут районындағы 19-санлы мектептиң заманагөй ысытыў системасынан хабар тапқан қоңсы ўәлаятлардағы мектеп директорлары да келип, экологиялық таза ыссылық дерегин жеткерип бериўши ыссылық насосының (Chiller) жумысын үйренип атыр, технологияға қызығыўшылық билдирмекте. Муҳтарам апа болса БМШның және бир басқа - қуяш панеллерин орнатыў жойбары грантын да жеңип алған. Усы күнлерде оны иске қосыў процеси ҳәўиж алған. Ҳәпте ақырына шекем қурылма толық орнатылады.
Гәп сонда, мектептеги заманагөй ыссылық насосы электр токы менен ислейди ҳәм көбирек электр энергиясын талап етеди. Буны қаплаў ушын директор халықаралық шөлкемниң басқа жойбарында қатнасты ҳәм жеңимпаз болды. Жойбарға бола, мектеп имаратына қуўатлылығы 100 киловаттлы қуяш панели орнатылмақта. Қурылма келеси ай басынан иске қосылыўы керек. Бул арқалы билимлендириў мәкемесиниң жақтыландырыўы да, ыссылық тәмийнаты да толық альтернатив энергияга өтеди.
Мектеп жәмәәти буннан үнемленетуғын қәрежет ҳәм табылатуғын дәраматты да есаплап шықты. Дәслепки есап-санақларға бола, бул альтернатив энергия дереги иске қосылғаннан соң саатына 100 киловатт электр энергиясы ислеп шығарылса, бул бир күнде шама менен 800 киловатт электр токына айланады. Тармаққа қайтарылған артықша электр энергиясы райондағы 55 улыўма билим бериў мектебиниң бир айлық тутыныў резервин тәмийинлеўге жетеди. Бул - сонша мектепти ысытыў ушын бир мәўсимде жумсалып атырған 90 тонна көмир үнемленип қалады, дегени. Қалаберсе, мектеп жәмәәти зәрүрлигинен артып кеткен электр энергиясын мәмлекетке сатыў ҳаққында да ойламақта. Қуяш панели жылына 300 мың киловаттқа шекем электр энергиясын ислеп шығарса, соның ярымы мектеп талабын толық қаплайды, қалғанын болса сатыў мүмкин. Алынған дәрамат мектептиң басқа қәрежетлерин қаплаўға бағдарланады.
Ашығын айтқанда, бундай жойбарларды әмелге асырыў көп қәрежет талап етеди. Боёвут районындағы 19-санлы мектептиң директоры Муҳтарам Ҳасанова болса ҳәр қандай исти орынлаў мүмкинлигин өз тәжирийбесинде көрсетти. Елимиз "жасыл" экономикаға өтиў жолында жедел ҳәрекет етип атырған ҳәзирги ўақытта бундай жойбарлар жүдә пайдалы. Мине усындай басламаларды қоллап-қуўатлаў, жаңа қуўатлықларды көбирек тартыў, экономикалық ҳәм социаллық жағынан альтернатив энергия дәреклериниң үлесин арттырыў усы жылы және де жеделлеседи.
Себеби, мәмлекетлик бағдарламадағы ең үлкен бағдарлардан бири энергетикаға байланыслы. Кейинги жыллардағы жедел ҳәрекетлер себепли мәмлекетимиздиң улыўма қуўатлығында "жасыл" энергия үлеси 16 процентке жеткерилген болса, усы жылы оны 26 процентке жеткериў режелестирилген. Оның ушын және 3,5 гигаваттлы 16 ири қуяш ҳәм самал станциясы, 160 мегаваттлы 5 ири ГЭС ҳәм 1,8 гигаваттлы энергия сақлаў қуўатлықлары иске қосылады. Мәмлекетлик кәрханалар, санаат ҳәм хызмет көрсетиў комплекслери және шаңарақларда қуяш панеллерин орнатыўды хошаметлеў даўам еттириледи
Мақсетимиз қоршаған орталықты сақлаў, глобал экологиялық машқалаларға қарсы нәтийжели гүресиў, тәбийий ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, бул жолда жаңа тәжирийбелерди үйрениў, заманагөй технологияларды қолланыў әҳмийетли бағдарлардан болып қалады. Мектеп директоры Муҳтарам Ҳасанова баслаған баслама болса "Боёвут тәжирийбеси" сыпатында кеңнен ғалаба ен жайдырылады. Биз жақын жылларда оның нәтийжелери ҳаққында және жазамыз.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы