баннер
1 Apr 2025
07:50

    "Эл-юрт умиди" қоры арқалы сырт елде билим алғанлар таңлаўсыз жумысқа қабыл етиледи

    Президенттиң тийисли пәрманына бола, усы жылдан "Эл-юрт умиди" қорының жаңа стипендия бағдары сыпатында "Жарқын талант" жойбары енгизиледи.

    Бунда төмендегилер нәзерде тутылады:

    • ҳәр жылы талантлы, билимге қуштар, аўыр шаңарақлық шараяты себепли оқыў имканиятына ийе болмаған кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин сырт елде оқытыў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледен белсенди жасларды таңлап алыў;
    • таңлап алынған жаслардың қәбилетин анықлаў арқалы оларды потенциалына сәйкес сырт ел жоқары оқыў орынларына жибериў ушын таярлық курсларында оқытыў;

    "Эл-юрт умиди" қорына усы жылы "Жарқын талант" жойбары ушын 300 миллиард сум ажыратылады.

    "Эл-юрт умиди" қоры арқалы сырт мәмлекетлерде билим алып қайтқан стипендиатлар миллий кадрлар резервине тиккелей киргизиледи ҳәм олар мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм мәкемелерге таңлаўсыз жумысқа алынады.

    2025-жыл 1-июньнан:

    • абырайлы халықаралық рейтинг шөлкемлериниң жоқары 100 дизимине киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлеринде илимий дәреже (PhD ҳәм оған теңлестирилген басқа да илимий дәреже) алған 35 жасқа шекемги қәнигелерге турақ жай сатып алыў ушын турақ жай жай жайласқан аймақтан келип шығып, он жыл мүддетке БЕМның 2 150 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда ажыратылады;
    • абырайлы халықаралық пән олимпиадаларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине төленетуғын бир мәртелик ақшалай сыйлықтың әмелдеги муғдарлары 5 есеге арттырылады.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech