"Дунё" МАның хабар бериўинше, бул қайырқомлық шөлкеми мәмлекетимиздеги кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж балаларға медициналық жәрдем көрсетиў, олардың денсаўлығын тиклеў ҳәм реабилитациясын шөлкемлестириў мақсетинде дүзилген.
Бул жойбар туризмге қәнигелескен “Uzbekistan-online” ҳәм “Uzbekistan-Gallerie” онлайн басылымларының басшысы, бавариялы Герхард Биркл ҳәм Германиядағы бир топар ўатанласлардың басламасы менен “TEZPARCEL” логистикалық компаниясының жәрдеминде шөлкемлестирилди. Фонд Франкфурт-Майн қаласында жасаған ҳәм қайырқомлық жумыслары менен белгили болған Зокир Абдусаттор естелигине ашылды.
Ол өзбек балалары ушын бир қатар қайырқомлық жойбарларды әмелге асырған, бул қайырқомлық қоры болса оның ийгиликли жумысларын даўам еттириўге хызмет етиўи күтилмекте.
Қордың тийкарғы ўазыйпаларынан бири елимиздеги физикалық ҳәм руўхый раўажланыўында кемшиликлери болған, онкологиялық ҳәм неврологиялық кеселликлерге шатылған балаларға заманагөй медициналық жәрдем көрсетиўден ибарат. Атап айтқанда, ADHS, ADS, аутизм, ZPR ҳәм онкологиялық кеселликлерге шалынған балаларды емлеўде Германиядағы жетекши қәнигелерди тартыў режелестирилген.
Қор өз алдына балаларды бийпул тексериўден өткериў, диагноз қойыў ҳәм емлеў, жергиликли медицина мәкемелерин заманагөй медициналық үскенелер ҳәм диагностика аппаратлары менен тәмийинлеў, аўыр кеселликке шалынған балалар ушын Германияның абырайлы клиникаларында емлениў имканиятларын жаратыў сыяқлы мақсетлерди қойған.