Бул командалар арасындағы ойын Рим қаласындағы "Олимпико" стадионында болып өтти. Ойында есап 50-минутта мийманлар тәрепинен ашылған болса, 56-минутта Анхелиньо есапты теңлестирди. "Рома" бас тренери Клаудио Раньери 71-минутта Элдор Шомуродовты орынбасардан майданға түсирди. Элдар күтилгениндей өзиниң әжайып техникасы ҳәм тезлиги менен ойын дизгинин өз қолына алды. Буның нәтийжесинде 90+3-минутта гол урып, командасына жеңис алып келди. Усы тәризде, "Рома" өз майданында "Атлетик"ти 2:1 есабында жеңди.
Элдор Шомуродовтың бул ушырасыўдағы ойынына дүньяның белгили таллаў порталлары төмендеги баҳаларды берди: “SofaScore” 7.2, “FlashScore” 7.3, “Futmob” 6.9 ҳам “WhoScored?” тәрепинен де 6.9 баллға мүнәсип көрилди.
Футболшының "Рома" қурамында көрсетип атырған ойыны дүнья футбол қәнигелери тәрепинен мүнәсип тән алынбақта.