Онда филиал директоры А.Нурымбетов 2024-жылдың өткен дǝўиринде ǝмелге асырылған жумыслар, пайдаланылған электр энергиясы ушын төлемлер ҳǝм гүзги-қысқы мǝўсимдеги жумысларды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша белгиленген илажлардың орынланыўы ҳаққындағы кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, филиалдың балансында бүгинги күнде узынлығы 22 мың 124,4 километрлик 0,4-110 кВ. электр узатыӯ тармақлары, 107 подстанция ҳәм 6400 трансформатор пунктлери болып, олар арқалы 391822 физикалық ҳәм 22030 юридикалық тәреплер, жǝми 413852 пайдаланыўшы электр энергиясы менен тәмийинленип келинбекте.
2024-жылдың 11 айы даўамында 1 млрд. 809,9 млн. кВт саат электр энергиясы қабыл етилип, соннан электр энергиясын жеткерип бериўдеги технологиялық шығынлар 297,6 млн. кВт саат (16,4%) болып, пайдалы узатылған электр энергиясы 1512,3 млн. кВт саатты қурады.
Тутыныўшыларға жәми 1522,4 млн. кВт саат, соннан көтере тутыныўшыларға 848,3 млн. кВт саат, жеке хожалықларға 674,1 млн. кВт саат электр энергиясы есап-санақ етилди. Пайдалы узатылған электр энергиясы барлық районлық ҳәм қалалық электр тәмийинлеўшилер тәрепинен тутыныўшыларға толық есап-санақ етилди.
2024-2025-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў ушын да бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, узынлығы 2 382,9 км. 0,4-110 кВ. электр узатыӯ тармақлары ҳәм 700 трансформатор пунктлерине ири оңлаў жумыслары режелестирилген болып, соннан бүгинги күнде 2414,5 км. 0,4-110 кВ. электр узатыӯ тармақлары ҳәм 703 дана трансформатор пунктлеринде ири оңлаӯ жумыслары әмелге асырылып , реже 101 процентке орынланды.
Сондай-ақ, узынлығы 4180,2 км. 0,4-6-10 кВ. электр узатыў тармақларына, 1395 трансформатор пунктлерине киши оңлаў жумыслары режелестирилген болып, соннан бүгинги күнде 4229,7 км. 0,4-110 кВ. электр тармақларында ҳәм 1405 трансформатор пунктлеринде киши оңлаӯ жумыслары әмелге асырылды.
Илажда қатнасыўшылар жаңадан пайда болып атырған елатлы пунктлерди электр энергиясы менен тәмийинлеўдеги қыйыншылықлар, трансформаторлардың жағдайы ҳәм басқа да мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.