Бүгин денсаўлықты сақлаў тараўы ең алдынғы қатнаслар тийкарында реформаланбақта. Медицинаның басланғыш буўынында кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм емлеў бағдарында сезилерли қәдемлер тасланбақта. Әсиресе, Президентимиздиң кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбарында бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, пәрман жойбарына тийкарланып 2025-жыл 1-ноябрьге шекем медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилип атырған аймақларда рецепт тийкарында берилетуғын дәри-дәрмақларды "электрон рецепт" системасы тийкарында бериў әмелиятын жолға қойыў белгиленбекте.
2024-жыл 5-сентябрьде мәмлекетимиз басшысының медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы қарары қабыл етилген еди. "Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы қарарда белгиленгениндей, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық хызмет көрсетиў ҳәм дәри-дәрмақларды усыныў мәмлекетлик бюджетке төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады. Онда халықтан мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.
Наўқасларға дәри-дәрмақ шыпакер тәрепинен рәсмийлестирилген электрон рецепт тийкарында медициналық жәрдемниң кепилленген пакети шеңберинде дәриханалар тәрепинен бийпул бериледи, қәрежети болса Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржысы есабынан қапланады.
Сапалы медициналық хызметти халыққа жақынластырыў, турмыс сапасын ҳәм өмир даўамлылығын арттырыўды нәзерде тутқан бул система 2022-2024-жыллары Сырдәрья ўәлаятында сынақтан өткерилди. Ҳәзир болса Сырдәрья ўәлаяты менен бирге Ташкент қаласында да әмелиятқа жеңилмекте. Оған бала, наўқас өзине жақын дәриханадан дәри-дәрмақты шаңарақлық шыпакердиң электрон рецепти (реимбурсация) тийкарында алыўы мүмкин.
Электрон рецепт, яғный реимбурсацияның мәниси неде? Қандай мақсет гөзленген?
"Реимбурсация" инглис тилиндеги сөз болып, "қәрежетлерди қаплаў" деген мәнисти анлатады. Бул халықты дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеўде созылмалы кеселликлерди емлеў ушын шыпакер усыныс еткен дәри-дәрмақ қәрежетин мақсетли компенсациялаўды нәзерде тутады. Бул бағдарлама наўқасқа шаңарақлық шыпакер жазған электрон рецепт тийкарында дәри-дәрмақларды дәриханалар арқалы бийпул алыў имканиятын береди. Қәрежетлер мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қор арқалы қаплап бериледи. Бул халықтың зәрүр дәри-дәрмақтан пайдаланыў имканиятын арттырады.
Ҳәзир бағдарламаға 7 түрли созылмалы кеселлик - гипертония, жүрек ишемик кеселлиги, қантлы диабеттиң 2-түри, бронхиал астма ҳәм өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги киргизилген. Оларға шатылғанларға 27 түрли дәри-дәрмақ бийпул бериледи.
Системадан пайдаланыў имканияты барынша әпиўайыластырылған. Пуқара, бәринен бурын, шаңарақлық шыпакерге барады. Онда жоқарыда аты келтирилген кеселликлерден бири ямаса бир нешеўи анықланса, шыпакер электрон рецепт қәлиплестиреди.
Кейин наўқастың телефонына СМС код келип, сол код Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен шәртнама дүзген дәриханаға да барады. Наўқас ямаса жақынларынан бири усы СМС кодты дәрихана хызметкерине көрсетип, рецепттеги дәрилерди алыўы мүмкин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги медициналық қамсызландырыў басқармасының баслығы Шуҳрат Алмардановтың атап өтиўинше, СМС хызмети жақсы ислемейтуғын орынларда шаңарақлық шыпакер тәрепинен QR кодлы электрон рецепт қәлиплестириледи ҳәм наўқасқа бериледи. Наўқас ямаса жақынларынан бири QR кодлы электрон рецептти Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен шәртнама дүзген дәриханаға усынады ҳәм өзине керекли дәри-дәрмақты алады.
- Санластырыў технологиясын Ташкент қаласында тәжирийбеден өткердик, жақсы нәтийже берди, - дейди денсаўлықты сақлаў министри Асылбек Худоёров. - Пуқара өзине керек дәрини қатаң белгиленген баҳада тек ғана "Дори-дармон" дәриханасынан емес, қәлеген жеке меншик дәриханадан алыў ҳуқықына ийе. Социаллық қорғаўға мүтәж пуқара барып, дәрисин алғанынан соң фиксация болады, орайға хабар келеди. Мәмлекет болса усы жеке меншик дәриханаға пуқара ушын төлем төлеп береди. Дәслеп қыйын болыўы мүмкин, бирақ бул системаға өтилгеннен кейин баҳалар бойынша бәсеки орталығы пайда болады.
Медициналық қамсызландырыў механизми енгизилген аймақларда хроникалық кеселликлер бойынша диспансер қадағалаўындағы наўқасларға электрон рецепт тийкарында зәрүр дәри-дәрмақ турақлы жеткерип берилмекте. Буннан гөзленген мақсет болса, созылмалы кеселликлерди системалы түрде емлеўди жолға қойыў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм дәри-дәрмақ тәмийнатын жақсылаў арқалы халықты финанслық қорғаў және ўатанласларымыздың саламатлығына жуўапкершилигин арттырыў болып есапланады.
- Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесине сүйенип кеселликлер бойынша өлим жағдайын талладық, - дейди Шуҳрат Алмарданов. - 30 жастан 69 жасқа шекемгилар арасында жүрек-қан тамыр кеселликлери бойынша өлимшилик көрсеткишиниң жоқарылығы ҳәм басқа да созылмалы кеселликлер асқыныўы ақыбетинде көп ушырасыўы да анықланды. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына бола, гипертония, жүрек ишемик кеселлиги, қантлы диабеттиң екинши түри, бронхиал астма ҳәм өкпениң созылмалы обструктив кеселликлери таңлап алынды ҳәм бул 5 кеселлик бойынша дәслепки 11 түрдеги дәри дизимге киргизилди. Нәтийжеде районлық ҳәм қалалық емлеўханаларға өткир инфаркт пенен жайластырылғанлар саны 2,5 процент, бас мий қан айланыўының өткир бузылыўы менен кеселленгенлер 3,2 процент, дем алыў системасының өткир жетиспеўшилиги менен кеселленгенлер 2,7 процент, сондай-ақ, ўәлаят дәрежесиндеги емлеўханаларда гипертоникалық криз ҳүжими менен кеселленгенлер саны 4,1 процентке азайды.
Бул дәрилер электрон рецепт тийкарында созылмалы кеселликлерге шатылған наўқасларға өмири даўамында берилип барылады. Созылмалы кеселликлерге, мысалы, қан басымы жоқары болған наўқас усы дәрилерди қабылламаса, өткир жүрек инфаркти, инсульт кеселлиги келип шығыўы ямаса асқыныўлар қалдырыўы мүмкин. Бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыўда "электрон рецепт" системасы тийкарында берилип атырған дәри-дәрмақлар қолайлы болып келмекте.
Наўқас ҳәр айда бир рет шыпакердиң алдына барады. Дәри-дәрмақларды ишип болғаннан соң, гезектеги тексериўде шыпакер наўқасты қайта тексерип, жаңа электрон рецептти қәлиплестиреди.
Бул ретки дәри-дәрмақлардың муғдары алдынғыларынан парықланыўы мүмкин. Әҳмийетлиси, мине усы процесс наўқас аўырыўдан толық саўалып кеткенше даўам етеди. Бул пуқараларға үлкен қолайлық жаратады, әлбетте. Бәринен бурын, наўқастың денсаўлығы турақлы қадағалаўда болады. Ол өзине тийисли дәрини бийпул алады. Медициналық тексериўден өтиў арқалы денсаўлығын қорғайды. Нәтийжеде турмыс сапасы артады, өмир сүриў көбейеди ҳәм кеселликтиң асқыныўы себепли емлеўханаға түсиўиниң алды алынады
- Созылмалы кеселлиги бар, бирақ электрон рецепт арқалы берилген дәри-дәрмақты ўақтында ишпейтуғын наўқаслар да бар, - дейди Янгиҳаёт районлық орайлық көп тармақлы поликлиникасының патронаж мийирбийкеси Ҳилола Аҳмедова. - Биз олардың үйине барып, денсаўлығын сақлаўда бул дәрилердиң әҳмийетин ҳәр тәреплеме түсиндиремиз. Дәрилерди ўақтында ишпесе, кеселлик асқыныў қалдырады ҳәм аўыр өтиўи, ақыбети унамсыз жағдайлар менен жуўмақланатуғынын айтамыз. Наўқаслардың денсаўлығы, дәри қолланылыўы турақлы қадағалап барылады.
Раўажланған мәмлекетлердиң медицинасында жақсы нәтийже көрсеткен бул система усы жылы Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Самарқанд, Хорезм, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында жолға қойылады. Бул халықтың саламатлық көрсеткишлериниң жақсыланыўына, усы кеселликлер ақыбетинде емлеўханаға мүрәжатлардың азайыўына, орташа өмир көрсеткишиниң және де узайыўына хызмет етеди. Зәрүр болмаған дәри-дәрмақларды усыныс етиў, кеселликти бөрттирип көрсетиў ҳәм наўқасларды емлеўханаларға тийкарсыз жатқызыўдың алды алынады.
Халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламын сапалы медициналық хызмет пенен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, медициналық жәрдем ушын тиккелей төлемлерди азайтыў мақсетинде болса бул системаның итибарға ылайық тәреплеринен бири болып есапланады.
Рисолат МАДИЕВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы