Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгинги күнге шекем бир қатар әҳмийетли жойбарлар турмысқа енгизилди.
Олардан бири сыпатында Елликқала районы «Чўпон» мәҳәллесинде қурылып, пайдаланыўға тапсырылған 74-санлы улыўма билим бериў мектеби болып есапланады. Улыўма баҳасы 8,2 миллиард сум болған бул билимлендириў орны 220 орынға мөлшерленген заманагөй имараттан ибарат.
Жаңа мектеп балалар ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз билим алыў имканиятын жаратып, келешек әўладтың тәрбиясына қаратылған жоқары итибардың көриниси болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.








