Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен өткерилген "Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм келешектеги режелер" атамасындағы оқыў семинарында мәлим етилди.
Илажда бир қатар жаңалықлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Соның ишинде, жаңа оқыў жылынан "бақша - мектеп - жоқары билимлендириў" системасында бирден-бир идеялық тәрбия системасы жолға қойылады.
Билимлендириў шөлкемлеринде руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша жуўапкер басшы ҳәм педагогларды хошаметлеў мақсетинде ҳәр оқыў жылында "Миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаўшы" республикалық таңлаўы өткериледи.
Таңлаў жеңимпазларын мүнәсип хошаметлеў жолға қойылады.
Атап өтилиўинше, барлық билимлендириў шөлкемлеринде ҳәптениң ҳәр дүйшемби күни шөлкемлестирилетуғын "Келешек сааты" сабақлары ушын зәрүр қолланбалар milliytarbiya.uz платформасы арқалы жеткериледи.


