Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң директоры Беҳзод Мусаев ҳәм Улсан қаласының ҳәкими Ким Ду Гём арасында бирге ислесиў Меморандумына қол қойылды. Бул ҳаққында агентликтиң баспасөз хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Оған Меморандумға бола Қубла Кореяның "экономикалық пайтахты" - Улсанда жумыс ислеў тилегинде болған талабанлар Ферғанада жумыс баслап атырған "Улсан кәсип-өнерге оқытыў орайы"нда 3 айлық кәсип ҳәм тил курсларынан өтеди.
Бул орайды тамамлаған жасларға Улсан қаласы ҳәкимлиги тиккелей жумысшы виза бериўди жолға қояды ҳәм "Hyundai" кеме қурылысы компаниясына жумысқа жайластырады. Атап өтилиўинше, Бул механизм Кореяға жумысшы күшин жеткерип бериўши дүньядағы 17 мәмлекет арасында биринши мәрте тек ғана Өзбекстан ушын қолланылмақта.
Оқыў орайының рәсмий ашылыў мәресими усы жылдың 18-март күни Ферғанада болып өтеди ҳәм оқыўлар басланады.