ЖҚХБ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Министрлер Кабинетиниң қарары менен пайдаланыўда болған мопед ҳәм скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында 2025-жыл 28-февральға шекем әмел ететуғын ўақытша реже тастыйықланған.
Оған бола, двигателиниң жумыс көлеми 25 см3 ҳәм оннан артық, бирақ 50 см3 ден аспайтуғын, сондай-ақ, электр двигателиниң қуўатлылығы 0,25 киловатт ҳәм оннан артық, бирақ 4 киловаттан аспайтуғын, конструктивлик тезлиги саатына 25 километр ҳәм оннан артық, бирақ 50 километрден аспайтуғын транспорт қураллары (мопед ҳәм скутер) ушын өз алдына дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилери енгизилди ҳәм бул түрдеги транспорт қураллары белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек.
Мопед ямаса скутерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ЖҚХ аймақлық басқармаларының дизимнен өткериў ҳәм имтихан алыў бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.
Мопед ҳәм скутер айдаўшыларында "А" категориясындағы айдаўшылық гүўалығына ийе болыў 2025-жыл 1-марттан баслап талап етиледи. Бул транспорт қуралларын гүўалықсыз басқарғаны ушын жәрийма салынады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 2024-жыл декабрьде мотоцикл, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлерди дизимнен өткериў ушын БЕМның 1,5 есеси - 562 500 сум муғдарында ставка белгиленген еди.