Нызам физикалық шахслардың, соның ишинде, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң, сондай-ақ, юридикалық шахслардың банклердеги аманатларын кепиллеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
Аманатларға кепиллик бериў агентлиги банклердеги аманатлардың қорғалыўын кепиллеў тараўындағы ўәкилликли уйым есапланады.
Аманатларға кепиллик бериў системасы кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келгенде Агентлик тәрепинен аманат қойыўшыларға компенсацияларды төлеў арқалы аманат қойыўшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин мәмлекет тәрепинен қорғаўға қаратылған илажлар комплекси болып табылады.
Банк, соның ишинде, микроқаржы банки ҳәм нызамшылыққа муўапық шөлкемлестирилген аралық банк лицензия берилген ўақыттан баслап кепиллик системасының қатнасыўшысына айланады.
Бир банкте бир салыўшыға төленетуғын компенсация төмендеги муғдарды қурайды:
кепиллик бериў объекти қалдығының толық көлемин, егер оның муғдары 200 миллион сум ямаса оннан аз болса;
200 миллион сумды, егер кепиллик бериў объектиниң қалдығы 200 миллион сумнан көп болса.
Агентлик сапластырылып атырған банк аманатшыларының кеминде төрттен үш бөлегине компенсацияларды алыў имканиятын төмендеги мүддетлерде тәмийинлеўи шәрт:
2025-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап 20 жумыс күни ишинде;
2026-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап 15 жумыс күни ишинде;
2027-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап 7 жумыс күнинде.
Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.








