Миграция агентлиги басшылары ҳәм Македонияның “Kouzon Corporation” компаниясының атқарыўшы директоры Зоран Кочоски арасында ушырасыў болып өтти, деп хабар бермекте Агентликтиң мәлимлеме хызмети.
Атап өтилиўинше, ушырасыўда круиз компаниялары биргеликте мийнет етиўди шөлкемлестириў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Енди сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған инглис тилин билетуғын ўатанласларымызға туристлик кемелерде шөлкемлескен тәризде жумысқа орналастырыў имканияты жаратылады.
“Kouzon Corporation” 28 жылдан берли дүнья бойлап 18 мәмлекетте жумыс алып бармақта. Лайнерлер - Жер Орта теңизи, Тыныш океаны, Скандинавия, Балтық, Кариб теңизи сыяқлы жөнелислерде ҳәрекетленеди.
Компания бул лайнерлерге маман кадрларды таярлаў ҳәм жумысқа жайластырыў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе. Жылына дүнья жүзи бойлап 20.000 - 25.000 ға шекем қәнигелерди жумыс пенен тәмийинлейди.
Кемелердеги айлық мийнет ҳақылар дәслепки 6 айлық шәртнамада 1200 АҚШ доллардан басланады, кейин еки ай дем алыс бериледи ҳәм кейинги алты айлық жаңа шәртнамада тәжирийбеге қарап мийнет ҳақы көтерилип барады ҳәм 4000 АҚШ долларына шекем жетеди.
Жасаў менен байланыслы қәрежетлер компания есабынан қапланады.
Тәреплердиң келисимине бола, жумыс ислеў ушын зәрүр болған C1/D транзит визасын алыў процесслери әпиўайыластырылады ҳәм жумыс бериўши тәрепинен 45 - 90 күн аралығында рәсмийлестириледи.
Ушырасыў жуўмағына бола, бул жойбарды әмелге асырыў бойынша Жол картасы ислеп шығылады.








