2025-жылы мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамның орынланыўын тәмийинлеўге байланыслы Президент қарары менен Ҳүкиметтиң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарары 1-қосымшасының 3-бәнти 4-абзацына тийисли өзгерислер киргизилди.
Оған бола, «билимлендириў шөлкеминде билим алыў мақсетинде дифференцияластырылған төлем-контрактти ҳәм дифференцияластырылған төлем-контракттиң минимал муғдарына тең болған бир мәртелик басқа төлемлерди ҳәм мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары магистратурасына қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабылланған абитуриент ҳәм студентлердиң төлем-контракт төлемлерин әмелге асырыў ушын билимлендириў кредити ажратылыўына жол қойылмайды».
Еслетип өтемиз, Министрлер Кабинетиниң 527-санлы қарары менен билимлендириў кредитлерин ажыратыў тәртиплерине байланыслы Реже тастыйықланған ҳәм 3-статьясында «супер контракт» ушын тәлим кредити ажратылмаўы белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.