Атап өтилиўинше, жазғы дем алыста балалардың ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў ушын my.gov.uz да саламатландырыў дем алыў орынларына жоллама алыў хызмети иске қосылды.
Енди ата-аналар өз перзентлери ушын қолайлы мәўсим ҳәм дем алыў орнын таңлап, үйден шықпай турып арза жибериўи ҳәм төлемди әмелге асырып, жоллама алыўы мүмкин.
Хызметтен пайдаланыў ушын дәслеп my.gov.uz порталынан "Балалар дем алыў орынларына жоллама алыў ушын арза бериў"ди таңлап, жоллама алмақшы болған перзентиңиз киргизиледи, дем алыў орны ҳәм қолайлы мәўсим көрсетиледи ҳәм төлем әмелге асырылады. Барлық әмеллер орынланғаннан соң болса жоллама алынады.
Мағлыўмат ушын, жоллама бәнт етилгеннен соң, 30 минут ишинде төлем толық әмелге асырылмаса, ол автоматикалық түрде бийкар етиледи ҳәм бәнт етилген жоллама қайта сатыўға шығарылады. Балалар дем алыў орынларына жоллама 7−14 жастағы балаларға бериледи.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы пуқараларының перзентлери ушын жоллама баҳасының 50 процент муғдары Балалар саламатландырыў ҳәм халықтың саламатлығын тиклеўге жәрдемлесиў қоры есабынан қаплап бериледи ҳәм порталдағы жоллама баҳалары усы компенсация пулы есапқа алынған ҳалда қәлиплестириледи.