Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Бул тәжирийбе-сынақ жойбарына бола, енди пайтахт халқы тез медициналық жәрдем бригадаларының қай жерде екенлиги ҳәм қанша ўақытта шақырыў мәнзилине жетип барыўын онлайн бақлап барыўы мүмкин.
Жаңа жойбар “Yandex Uzbekistan” компаниясының технологиялық шешими тийкарында әмелге асырылып, "103" бригадасының ҳәрекетлери браузерде электрон карта арқалы, жақын келешекте болса “Yandex Go” мобиль қосымшасы жәрдеминде бақлап барылады.
Оған бола, "Тез жәрдем"ге мүрәжат етилгеннен соң, система автомат тәризде бригаданың ҳәрекети реал ўақыт режиминде көрсетилетуғын электрон картаға силтеме арқалы SMS-хабар жибереди.
Жойбардың кейинги басқышында пайдаланыўшылар “Yandex Go” мобиль қосымшасынан бригаданың жайласыўы ҳәм оның шама менен келиў ўақты ҳаққында push-билдиргизбе арқалы хабардар болады. Қалаберди, бул мағлыўматты тиккелей қосымша арқалы да алыў мүмкин.
- Бул жаңалық, бәринен бурын, тез медициналық жәрдем системасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм диспетчерлердиң жумыс жүклемесин азайтыўға хызмет етеди, - дейди Республикалық тез медициналық жәрдем орайының директоры Абдувоитжон Гафуров. - Ҳәзирги ўақытта бул шешим Ташкент қаласында қыстаўлы шақырыўлар ушын әмел етеди, бирақ кейин ала жойбарды кеңейтиўди мақсет еткенбиз.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайына мәмлекетимиз бойлап ҳәр күни орташа 40 мыңға шамалас шақырық келип түседи. Олардың 60 процентин болса қыстаўлы мүрәжатлар қурайды.









