Спорт министрлигиниң мәлим етиўинше, спорт тараўында «ERP-Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы иске қосылыўы нәтийжесинде спортшылар ҳаққында электрон мағлыўматлар қәлиплестирилип келинбекте.
Енди, спорт паспортын бериў мәмлекетлик хызметин көрсетиўде спортшыларға және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде спорт паспортының әмел етиў мүддети шекленбеген ҳалда «ERP-Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы арқалы электрон түрде берилиўи жолға қойылады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 18-декабрьдеги ПҚ-443-санлы қарары талапларына муўапық, спорт паспортының әмел етиў мүддети шекленбеген ҳалда «ERP-Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы арқалы электрон түрде берилиўи белгилеп қойылған.